Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

30

Ҳуқықты қоллаў әмелияты – қатаң қадағалаўда


Мәмлекетмизде демократиялық реформалардың тереңлесип баратырған ҳәзирги дәўирде пуқаралардың ҳуқықый билими ҳәм ҳуқықый мәденияты дәрежесиниң артып барыўы барлық реформалардың нәтийжелилигин еледе арттырыўына алып келиўи сөзсиз.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрелдеги «Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жумысын еледе жетилистириўге байланыслы шөлкемлестириўшилик ис-илажлар ҳаққында»ғы 3666-санлы қарары менен әдиллик уйымлары системасында түп тийкарынан реформалаў дәўири басланды.
Бул қарарға муўапық әдиллик органлары ҳуқық қорғаў уйымлары қатарына киргизилип, структурасында бир қатар өзгерислер жүз берди.
Усы қарар менен тастыйықланған жаңа режеге муўапық Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги қурамында Социаллық-экономикалық тараўда ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў басқармасы, ал Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы әдиллик басқармаларында оның бөлимлери шөлкемлестирилди.
Бул бөлимниң әдиллик министрлиги системасында шөлкемлестирилиўинен мақсет барлық мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары искерлигинде мәмлекетимизде ҳәрекеттеги норматив-ҳуқықый актлердиң избе-изликте ҳәм бир түрде қолланылыўы әмелиятын енгизиў, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў, сондай-ақ халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыўдың бирден-бир системасын енгизиў болып есапланады.
Ҳуқықты қоллаў дегенде мәмлекетлик ўәкилликли уйым тәрепинен ҳуқықый нормалар талабының әмелге асырылыўының тийкарғы формаларынан бири деп түсиниледи . Демек бөлимниң тийкарғы ўазыйпасы бул ҳуқықый нормалардың мәмлекетлик ўәкилликли уйымлар тәрепинен әмелге асырылыўында избе-изликти ҳәм бирдейликти тәмийинлеўден ибарат.
Социаллық-экономикалық тараўда ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў бөлиминиң ўазыйпаларынан бири сыпатында ҳәрекеттеги норматив-ҳуқықый актлердиң мәмлекетимиздиң раўажланыў бағдарларына, жәмийеттеги талапларға ҳәм халық аралық жәмәәтшиликтиң раўажланыў дәржелерине қарап жетилистирилиўинде, яғный тийисли қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилиўинде, жаңа редакцияда қабыл етилиўинде ямаса жаңа нормативлик актлердиң қабыл етилиўиндеги қатнасын да айтып өтиўге болады.
Бөлим тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў мақсетинде системалы түрде тексериўлер, үйрениўлер, мониторинглар ҳәм социаллық сораўлар өткериледи ҳәм анализленеди. Анализлер нәтийжесинде қандай да бир мәмлекетлик уйым жумысында анықланған кемшиликлерди сапластырыў жоллары, уйымның жумысын жәнеде жетилистириў бойынша усыныслар таярланып ҳәм усы тараўда шет ел тәжирийбеси үйренилип тийисли усыныслар ислеп шығылады ҳәм жоқары турыўшы мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларына усынылады. Мине сол усыныслар тийкарында тараўды реформалаўдың жол картасы ислеп шығылып, тийисли ис-илажлар белгиленеди. Буннан тысқары анықланған нызам бузыўшылық жағдайлары бойынша судқа ҳәм тийисли уйымларға даўа арзалары ҳәм усыныслар киргизилип, пуқаралардың бузылған ҳуқықлары тикленеди ҳәм ҳуқықты дурыс қоллаў әмелияты жолға қойылады.
Атап айтқанда бөлим тәрепинен Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 214-статьясында беккемлеп қойылған хызметкерлердиң медициналық көриктен өтиўи бойынша шығымдар болмайтуғынлығы ҳаққындағы норманың әмелиятта қолланылыўы жағдайы анализленди. Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мектепке шекемги ҳәм халық билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң медициналық көриктен өтиўи бойынша қәрежетлердиң ким тәрепинен қапланыўы мәселеси бойынша мониторинг өткерилди. Өткерилген мониторинг нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасы бойынша ақырғы 6 ай даўамында барлық хызметкерлер өз есабынан медициналық көриктен өткенлиги анықланды.
Ҳуқықты қоллаў әмелиятындағы бул сыяқлы надурыс талқылаўларды анықлаў ҳәм өз ўақтында саплыстырыў бойынша бөлим тәрепинен турақлы рәўиште мониторинг ҳәм үйрениўлер алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлигиниң
Социаллық-экономикалық тараўда
ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў
бөлими жетекши мәсләҳәтшиси                    А.Б.Пренов