Янгиликлар
26
ҲӘР БИР МҮРƏЖАТ НЫЗАМ ҚОРҒАЎЫНАН ШЕТТЕ ҚАЛМАЙДЫ
Мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, барлық тараўларда демократиялық жаңалаў, басқышпа-басқыш ҳәм избе-из реформалаў барысындағы әмелий ҳәрекетлер нәтийжесинде ийгиликли жумыслар орынланып атыр.
Жигирма жети жыллық ғәрезсизлик раўажланыў жолында ерисилген жеңислер, ҳалқымыз турмысы, ақыл-парасатында жүз берген өзгерислер әне усыларға айқын мысал бола алады.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 13-статьясында “Өзбекстан Республикасында демократия улыўма инсанийлық принциплерге тийкарланады, оған көре инсан, оның турмысы, еркинлиги, абыройы, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқада ҳуқықлары жоқары қәдирият есапланады”, деп көрсетилген.
Сондай-ақ, ҳәр бир физикалық ҳәм юридикалық шахс қандайда бир мәселеге байланыслы мүрəжат қылар екен, демек буның ушын ол яки бул себеп түртки болады. Себеби, бундай мүрəжәтлер тыйкарында инсан мәплери жатады.
Өзбекстан Республикасы Конститутсиясының 35-статьясында “Ҳәр бир шахс жеке өзи ҳәм басқалар менен биргеликте тийисли мәмлекетлик уйымларына, мәкемелерге ямаса халық ўәкиллерине арза, усыныс ҳәм шағымлар менен мүрəжат қылыў ҳуқықына ийе. Арзалар, усыныслар ҳәм шағымлар нызамда белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде көрип шығылыўы шәрт”лиги беккемленген.
2014-жыл 3-декабрь күни “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрəжатлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамының қабыл етилиўи инсан ҳуқуқлары, еркинликлери ҳәм оның нызамлы мәплерин қорғаўлыўын жаңа басқышқа көтерди.
Арнаўлы нызамның қабыл этилиўи “жазба” ямаса “аўызеки” мүрəжатлары менен бирге мәмлекетимизде мәлимлеме технологиялары раўажланыўы менен байланыслы түрде әмелге асырылып атырған “электрон мүрəжат” туриниң ҳуқықый беккемлениўине, мәмлекетлик уйымларының лаўазымлы шахслардың мурәжәтлерин көрип шығыў ҳәм оларды шешиўде жуўапкершилигин арттырғанлығы, әмелиятта дус келип атырған қайта мүрəжат, мүрəжаттиң дубликаты, қосымша мүрəжәтлер мәселелерине анықлық киритилиўи, сондай-ақ нызамда тек пуқаралар емес, бәлким юридикалық шахслардың да мүрəжатлары ҳаққындағы нызамды бузғанлығы ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленеди.
Буннан тысқары, Президентимиз тәрепинен 2017-жылды мәмлекетимизде “Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы” деп жәриялаўы ҳәм 2016-жыл 28-декабрдеги “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў системасын түптен жетилистириўге байланыслы ис-илажлар ҳаққында”ғы Пәрманының қабыл етилиўи болса, нызам үстинлигин тәмийинлеў, мәмлекет уйымларының адамлар менен турақлы байланысын орнатыўды шөлкемлестириўге хызмет етиўи менен әҳмийетли. Бул Пәрман “Мәмлекет халық көринисин сәўлелендирип, оның мәплерине хызмет етеди. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар жәмийет ҳәм пуқаралар алдында жуўапкер” деген конституциялық принципти әмелде орынлаў, сондай-ақ физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеўдиң сапа жағынан жаңа система енгизилиўиниң ҳуқуқый тийкары болады.
Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мурәжатлары менен ислесиўдиң сапа жағынан жаңа ҳәм нәтийжели искерлигин тәмийинлеў Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары ҳәм Виртуал қабыллаўханасының тыйкарғы ўазыйпаларынан бири болып белгиленди.
“Халық қабыллаўханалары” адамлардың дәртин еситиў, олар менен байланыслы ашық сәўбетте болыў, аўырын жеңил етиў сыяқлы ийгиликли мақсетке, сондай-ақ халықтың мәмлекет ҳәм жәмийетте болған исенимин беккемлеўге хызмет қылыўы менен әҳмийетли есапланады.
Улыўмаластырып айтқанда, халық пенен пикирлесиўдиң өзине сай бағдарлары инсан мәплериниң жетилисиўине, мәмлекет уйымларының пуқаралар менен өз-ара қатнасықларының түптен жетилисиўине, бир сөз бенен айтқанда, халық пенен турақлы пикирлесиў, оларды ойландырып атырған машқалаларды шешиўде жаңа механизмлерин ҳәм нәтийжели усылларын табыў ушын имкәният жаратады.
Хожели районы əдиллик бөлими бас мəсләҳәтшиси Пиржанов Бахрам