Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

30

30 июль — Дүньяжүзлик адам саўдасына қарсы гүресиў күни


30 июль — Дүньяжүзлик адам саўдасына қарсы гүресиў күни мүнәсийбети менен Әдиллик министрлиги ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен орынларда ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Халықаралық мийнет шөлкеминиң есап-китапларына көре дүньяда 21 млн адам мәжбүрий мийнеттиң жәбирлениўшилери есапланады.
Дүньядағы барлық мәмлекетлер адам саўдасынан жәбир шегеди. БМШ мағлыўматларына көре адам саўдасы қурбанларының 71 процентин ҳаяллар ҳәм балалар қурайды.
2010-жыл 30-июлда БМШиниң Бас Ассамблеясы 64/293-резолюциясы менен Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша БМШиниң Глобал ҳәрекет дәстүри қабыл етилген.
2013-жыл 30-июль БМШи тәрепинен Дүрьяжүзлик адам саўдасына қарсы гүресиў күни деп жәрияланды.
Өзбекстанда адам саўдасына қарсы гүресиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде 2008-жыл 17-апрелде “Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызам қабыл етилген.
Нызамға муўапық адам саўдасына қарсы гүресиў- адам саўдасының алдын алыў, оны анықлаў, оған шек қойыў, оның ақыбетлерин минималластырыў, адам саўдасынан жәбирленгенлерге жәрдем көрсетиў бойынша искерликти өз ишине алады.
“Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызамға көре төмендегилер адам саўдасына қарсы гүресиў искерлигин әмелге асырыўшы мәмлекетлик органлар есапланады:
•    Ишки ислер министрлиги;
•    Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети;
•    Сыртқы ислер министрлиги, Өзбекстанның дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелери;
•    Ден саўлықты сақлаў министрлиги.
Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 5-ноябрдағы 240-сан қарары менен тастыйықланған “Адам саўдасы жәбиркешлерине жәрдем бериў бойынша Республика реабилитация орайы” ҳаққындағы Реже тастыйықланды.
Режеге тийкар Адам саўдасы жәбиркешлерине жәрдем бериў бойынша Республика реабилитация орайы:
кешиктирип болмайтуғын медициналық, психологиялық, социаллық, юридикалық ҳәм басқа жәрдем береди;
ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери ҳаққында мәлимлеме усынады;
қәўипсизлигин тәмийинлейди;
аўқатланыў, дәрилик затлар ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлейди;
қолай жасаў шәраятлары ҳәм жеке гигиена менен тәмийинлейди;
ағайинлер менен байланыс орнатыўға көмеклеседи;
адам саўдасы жәбиркешлери социаллық реабилитация етилиўине көмеклеседи.

Жынаят кодексине тийкар адам саўдасы аўыр жынаятлар қатарына киреди. Адам саўдасы, яғный адамды алыў-сатыў ямаса адамды оннан пайдаланыў мақсетинде жаллаў, тасыў, тапсырыў, жасырыў ямаса қабыл етиў жынаяты жынаяттың көлеми, жәбирлениўшилердиң шахсы, ақыбетлерине қарай он еки жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланыўға алып келиўи мүмкин.