Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

28

Тынышлық, парахатшылық қәдири – бийбаҳа


Нөкис қалалық “БАХЫТ ҮЙИ”нде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм оның системасындағы айырым мәмлекетлик нотариал кеңселери, ПҲАЖ уйымларының жуўаплы хызметкерлери, 1.jpgНөкис турмыс хызметин көрсетиў ҳәм экономика кәсип-өнер коллежиниң оқыўшы жаслары ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасында “Тынышлық, парахатшылық қәдири – бийбаҳа” атамасындағы семинар болып өтти.

Семинарды шөлкемлестириўден мақсет “Гөззал ҳәм бийтакырарымсаң, муқаддес Ўатаным, жаным саған пида, Өзбекистаным!” “Ғарезсизлик бул-ҳуқық демекдур”, “Өзбекистанда сайлаў ҳуқықы еркинлигин тәмийинлеў ҳәм сайлаў ҳуқықын раўажландырыў”, “Жаслар арасында олардың Ўатанға деген сезимин күшейттириў”, “Өзбекистн Республикасында қабыл етилип атырған нызамлардың әҳмийети ҳаққында”ғы мәселелердиң мазмун-мәнисин жасларға жеткериўден ибарат.

Семинарды Нөкис қаласы ПҲАЖ бөлими баслығы С.Пирназарова ашық деп жариялап, ушырасыўдағы мақсет бүгинги күндеги дүнья жүзиндеги болып атырған тынышсызлықтың себеплери ҳәм бундай тынышсызлықтың алдын алыў ушын жаслар арасында кең түсиник жумысларын алып барыў зәрүрлиги ҳаққында тоқталып өтти.

Усыннан соң Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Үгит нәсият ҳәм ҳуқықый ағартыўшылық бөлими жетекши мәсләҳәтшиси И.Алдабергенов сөзге шығып, ҳазирги ўақытта мәмлекетимиз тәрепинен жасларға болған итибар, оларға жаратылып берип атырған имканиятлар ҳаққында, усы жылдың 14-сентябрь күни ЎРҚ-406-сан менен тастыйықланған “Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат ҳаққында”ғы Нызамның мазмун-мәнисине кеңнен тоқталып өтти.

1.jpgКүн тәртибиндеги екинши мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Республикалық ПҲАЖ Архиви бөлим баслығы Н. Шылманова шығып сөйлеп, ол ҳәзирги мәмлекетимиздеги алып барылып атырған сиясаттың, Өзбек моделин дүнья жүзи тән алғанлығын, елимиздеги тынышлық ҳәм парахатшылықтың қәдирине жетиўимиз кереклиги, дүнья жүзиндеги болып атырған турақсызлықты келтирип шығарыўшы терроршылық шөлкемлерге қарсы турыўымыз кереклигин атап өтти.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселелер бойынша Тахтакөпир районы ПҲАЖ бөлими баслығы Айнаш Сагындыкова жоқарыда атап өтилген пикирдиң дурыслығы, жаслардың “Ўатан”ға деген сезими, муҳаббаты, меҳри күшли болыўы кереклиги, себеби бундай мәмлекетте жасап атырғанымыз бизге бахыт екенлиги, жасларга болған итибарды бизлер ақлап, Өзбекистан елимизди дүньяға танытыў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз, парызымыз екенлигине айрықша тоқталып өтти.

Өткерилген семинар сораў-жуўапларға бай болып, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды.