Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

20

Есабат


ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ӘДИЛЛИК МИНИСТРЛИГИНИҢ 2020-ЖЫЛ ДАЎАМЫНДА ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛҒАН ЖУМЫСЛАРЫ БОЙЫНША ЕСАБАТЫ

Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик
ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил
ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады.
Бул бағдарда 2020-жылда министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Министрликке жыл даўамында жәми 4755 мүрәжатлар келип түсип, судларға 4 млрд. 168 млн сумлық 990 даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Әдиллик министрлигине келип түскен мүрәжатлар анализленгенде ең көп мүрәжатлар мийнет, үй-жай, социаллық қорғаў ҳәмде жер ажыратыў мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.
Нызамлардың дурыс орынланыўы ҳәм ҳуқықты қоллаў әмелияты бойынша 786 шөлкемлерде үйрениў ҳәм мониторинглер өткерилип, 72 мың 255 нызамбузыўшылық  жағдайлары  анықланды.
Сондай-ақ, мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми 1035 усыныслар киргизилип, бул усынысларға тийкар, мәмлекетлик уйымлардың 51 қарарлары бийкар етилди, 215 шахсларға қарата интизамий жаза шаралары қолланылған, киритилген усыныслар тийкарында 17 млрд. 676 млн. 890 мың сум пул қаржылары қайтарылған,
211 шахслар ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған, жынайый ис қозғаў ҳаққында 5 усыныслар тийисли уйымларға киритилген,  сондай-ақ, тийисли тәртипте 1527 ескертиўлер киритилген.

Ҳуқықый хызмет көрсетиў тараўында халқымызға 137 мың 47 нотариал хызметлер  көрсетилип, 27 млрд. сумнан аслам мәмлекетлик бажы өндирилген.
Сондай-ақ, көрсетилген пуллық ҳуқықый хызметлер ушын 9 млрд. 409 млн. сум ҳақ муғдары, герб жыйымы ушын 1 млрд. 647  млн. сум муғдарындағы пул қаржылары өндирилген.
Кейинги жылларда нотариат институтын раўажландырыў, оны жәнеде жетилистириў ҳәм халқымызға көрсетилетуғын ҳуқықый хызметлердиң сапасын асырыў мақсетинде бир қатар норматив ҳүжжетлер қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 31.01.2020-жылғы 54-санлы қарары талапларына муўапық, усы жылдың 25-март күни Өзбекстан Нотариал палатасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы министрлик тәрепинен мәмлекетлик дизимнен өткерилип, жумысларын баслады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 16.03.2020-жылғы 156-санлы қарарының талапларына муўапық, 48 мәмлекетлик нотариал кеңселери нотариусларына жеке әмелият пенен шуғылланыўға рухсат бериўши лицензиялар берилди.

Адвокатура тараўында:
Бүгинги күнде Республика аймағында жәми 79 адвокатлық дүзилмелери өз искерлигин көрсетип атырған болса, усыннан 2 адвокатлар коллегиясы, 5 адвокатлар фирмасы ҳәмде 72 адвокатлық бюролары жумыс ислеп келмекте.
    
Юридикалық хызметлердиң жумысларын муўапықластырыў тараўында:
Бүгинги күнде мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде 255 юрисконсульт бар болып, олардан жыл басынан 55 Әдиллик министрлигинен аттестациядан өткизилген, 2020-жылда 69 талабан сәўбеттен өткерилип лаўазымға тайынланған. Сондай-ақ, олардың тәжирийбесин арттырыў мақсетинде 49 юрисконсульт Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлер маманлығын асырыў орайында аралықтан оқыўда оқып маманлығын асырды, 36 юрисконсультқа Өзбекстан Республикасы әдиллик министри буйрығы менен арнаўлы мәртебе дәрежеси берилген.  

Ҳуқықый экспертиза тараўында:
Әдиллик министрлиги ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының 161 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип мәмлекетлик есапқа алыныўы тәмийинленген.
Белгиленген талапларға әмел етпей усынылған 12 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилмей қайтарылды.
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери тараўында:
Республикада 2020-жылда жәми 618 мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери бар болып, усыннан 400 мәмлекетлик, 218 есап дизиминен өткерилген.
Сондай-ақ, ҳәзирде 52 диний шөлкемлер өз искерлигин көрсетпекте.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында:
Пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин еледе асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен сәйкес түрде ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў мақсетинде 2019-жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5618-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Усы Пәрман менен «Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепция»сы тастыйықланды.
Бул салада министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен ғалаба хабар қураллары арқалы 12510, аўызеки 5143, жазба ҳәм көргизбели тәризде 1000 үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Ҳуқықый үгит-нәсият илажлары пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатларын терең таллаў арқалы халқымыздың күнделикли турмысында ушырасатуғын мәселелер, яғный миграция, материаллық жәрдем, жер, үй-жай алыў, коммунал хожалық, жеңилликлер, алимент, жумысқа жайластырыў, билим алыў ҳәм басқалар бойынша үгит-нәсият жумыслары мәнзилли түрде алып барылды.
Атап айтқанда, «Бийпул ҳуқықый мәсләҳәт пенен ҳәр бир үйге» ураны астында жаңа ҳуқықый мәсләҳәт бериў системасын шөлкемлестириў арқалы халықтын ҳуқықый саўатсызлығын жоқ етиў мақсетинде министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери хызметкерлеринен ибарат исши топарлар дүзилген ҳәм исши топарлар тәрепинен усы жылдың октябрь-ноябрь айлары даўамында жәми 365 аўыл пуқаралар жыйын (МПЖ)ларында үйме-үй жүрип 4161 пуқараға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди. Үйме-үй жүриў даўамында жәми 34 мүрәжат қабыл етилип, соннан 26 мүрәжат әдиллик бөлимлери тәрепинен шешилди.
Халқымызға бийпул юридикалық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў мақсетинде, “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми ҳәм оның аймақлық бюролары шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы, Мойнақ, Әмиўдәрья, Беруний районларында бюролар өз искерлигин әмелге асырмақта.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Жынаят ислери бойынша суды, Пуқаралық ислери бойынша суды, Ҳәкимшилик суды, Экономикалық суды ҳәм «Мадад» мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкеми ортасында «Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды болдырмаў, жынаятшылық профилактикасын еледе жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциясыз аймаққа айландырыў бойынша Бирге ислесиў Меморандумы» имзаланып, бүгинги күнде Әдиллик министрлиги, район (қала) әдиллик бөлимлери, «Мадад» мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкеми тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы район (қала) судлары имаратларындағы «Халыққа бийпул ҳуқықый жәрдем» ханаларында физикалық ҳәм юридикалық шахсларға ҳуқықый жәрдемлер көрсетилип келинбекте.  
Бүгинги пандемия шәраяты ҳәммемиз сынаўлы дәўир болмақта. Жаңа тәртиплер, нызам-қағыйдалар өзгеше турмыс тәризин пайда етти.
Усындай шәраятта халықтың ҳуқықый мәсләҳәтке болған мүтәжлигин тәмийинлеў мақсетинде, @huquqiy_maslahatbot, @notarius, @davxizmataloqa_bot сыяқлы телеграм ботлары ашылып, олар арқалы аралықтан турып пуқаралардың мүрәжатларына ҳуқықый түсиник ҳәм мәсләҳәтлар турақлы рәўиште берип келинбекте.
Бир ғана @huquqiy_maslahatbotында пуқараларға барлық мәселелер бойынша мүрәжат етиў имканияты жаратылған. Усы ботқа бүгинги күнге шекем 9 мыңға шамалас мүрәжатлар келип түскен.
Халыққа еледе қолайлық жаратыў мақсетинде, ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары министрлик ҳәм әдиллик бөлимлериниң бәрше рәсмий социаллық тармақлардағы каналларында турақлы рәўиште алып барылмақта.
Нызам ҳүжжетлерин мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлерине жеткерилиўи бойынша:
Министрликке 2020жыл даўамында жәми 1194 та норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер келип түсген.
Соннан Өзбекстан Республикасы Нызмалары 59, Олий Мажлис палаталарының қарарлары 44, Президент ҳүжжетлери 243 (пәрманлар 66, қарарлар 177), Министрлер Кабинети қарарлары 564 ҳәмде министрликлер, мәмлекетлик комитетлери ҳәм ведомстволарының буйрықлары ҳәм қарарлары 284 ти қурайды.
Усы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жәми 121 мәмлекетлик органлары ҳәм басқа шөлкемлерине жиберилген.

Ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў бойынша:
Нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша 688 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде 882 ге жақын үйрениўлер өткерилип, 70 мыңнан аслам нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды.  Үйрениўлер нәтийжелерине көре, 640 усыныслар, 142 ҳәкимшилик усыныслар, 1101 ескертиўлер тийисли уйым
ҳәм шөлкемлерге усынылып, орынланыўы тәмийинленген.
Усыныс нәтийжелерине көре, мәмлекетлик уйымлардың 31 қарарлары бийкар етилип, пуқараардың 9 млрд. 854 млн. сум муғдарындағы пул қаржылары қайтарылған.
Үйрениўлер даўамында анықланған нызамбузылыўшылық жағдайларын сапластырыў мақсетинде, тәсир шараларын қоллаў менен шекленбестен, әмелдеги нызам-ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша 2020-жыл даўамында жәми 400 жақын усыныслар берилди.
Әлбетте, орынлаўымыз лазым болған жумысларымыз көп!
Биз ҳуқықты қоллаў, халықтың ҳуқықый билимин асырыўда әмелге асыратуғын алдағы тийкарғы жумысларымызды белгилеп алдық. Әлбетте, бул бағдарда ҳәр бир мәмлекетлик уйымларды бирге ислесиўге шақырып қаламыз.

Шөлкемлестриў-қадағалаў ҳәм таллаў
ислери бөлими баслығы                        
З.Ходжахметов