Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

20

Есабат


Қарақалпақстан Республикасы район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында

Усы жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды.
Бөлимлерге 2020-жыл даўамында 3 мың 250  мүрәжат, соннан көшпели ҳәм жеке қабыллаўларда 2229 мүрәжат келип түсти. Мүрәжатлар белгиленген тәртипте көрип шығылып, 1832 мүрәжат қанаатландырылды, 626 на ҳуқықый түсиник берилди.
Әдиллик бөлимлери тәрепинен 310 үйрениўлер өткерилди ҳәм оларда 65 мың 955 нызамбузылыў жағдайлары анықланды.
Анықланған нызамбузылыў жағдайлары бойынша 920 усыныс,
1499 ескертиў, 4 жынайый усыныс, 211 ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша усыныс ҳәм 3 млрд. 848 млн. сумлық 835 даўа арзалары киргизилди, соннан 2 млрд. 992 млн. сумлық 812 даўа арзалар қанаатландырылған болса, усынысларға тийкар мәмлекетлик уйымлардың
41 қарары бийкар етилди, 177 шахсларға қарата интизамий жаза шаралары қолланылды, 13 млрд. 475 млн. сум пул қаржылары қайтарылған болса,
196 шахслар ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды.  
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары тәрепинен ҳуқықый экспертизадан өткериў ушын 155 қарар жойбарлары келип түсти, соннан
147 қарарға ҳуқықый жуўмақ берилди, 8 қарар жойбары белгиленген тәртипте усынылмағанлығы себепли қайтарылды.
Район-қала әдиллик бөлимлери хызметкерлери тәрепинен
14 мың 536 ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылды. Соннан ғалаба хабар қуралларында 8694 шығыўлар әмелге асырылған болса, орынларда мәнзилли түрде 4915 аўызеки, 927 көргизбели ҳәм жазба
үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлердиң район (қалалық) бөлимлери хызметкерлериниң ҳуқықый билимлерин жоқарылатыў мақсетинде тастыйықланған график тийкарында бийпул мәсләҳәт курслары өткерип келинбекте.
        
Шөлкемлестриў-қадағалаў ҳәм таллаў ислери
бөлими жетекши мәсләҳәтшиси                          
А.Бекжанов