Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Жерди нызамсыз алып қойғанлығы ушын жуӯапкершилик белгиленди

“Жер участкаларын нызамсыз алып қойғанлығы ушын жуӯакершилик күшейтирилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиӯ ҳаққында”ғы Нызам (667-санлы Нызам, 14.01.2021-ж.) Президент тәрепинен имзаланды.
Нызам менен Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы ҳәм Жынаят кодекслерине қосымшалар киргизилди.
Атап айтқанда, Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген  қосымшаларға муӯапык, жерди нызамсыз алып қойыӯ лаӯазымлы шахсларға БЕМның 100 есесинен 150 есесине шекем (22 млн 300 мың сумнан 33 млн 450 мың сумға шекем) муғдарда жәрийма салыӯға себеп болады.
Егер усы ҳуқықбузарлық мүлкдарға жеткерилген зыянның орны алдыннан ҳәм толык қапланбаған ҳалда имараттың бузып тасланыӯына алып келсе, лаӯазымлы шахсларға БЕМның 150 есесинен 200 есесине шекем (33 млн 450 мың сумнан 44 млн 600 мың сумға шекем) муғдарда жәрийма салыныӯы мүмкин.
Жынаят кодексине ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин қайта жерлерди нызамсыз алып қойған лаӯазымлы шахсларға төмендеги жаза шараларын белгилеӯши қосымша киргизилди:
-БЕМның 200 есесинен 250 есесине шекем (44 млн 600 мың сумнан 55 млн 750 мың сумға шекем) муғдарда жәрийма;
-300 сааттан 360 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар;
-2 жылға шекем мийнет пенен дүзетиӯ жумыслары.
Усы жынаят мүлкдарға жеткерилген зыянның орны алдыннан ҳәм толық қапланбаған ҳалда имараттың бузып тасланыӯына алып келсе ямаса анағурлым муғдарда зыян жеткерген ҳалда исленсе лаӯазымлы шахс 3 жылға шекем, көп муғдарда зыян жеткерсе 3 жылдан 5 жылға шекем еркинликтен айырылыӯы мүмкин.
Жерди нызамсыз алып қойыӯ мүлкдарға жүдә көп муғдарда зыян жеткерсе, арнаӯлы ҳуқықтан айырып 5 жылдан 8 жылға шекем еркинликтен айырыӯ менен жазаланады.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими
А.Отарбаев