Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

05

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Коррупцияға қарсы гүресиўге мүнәсип үлес қосқан шахслар мәмлекетлик сыйлыққа усынылыўы мүмкин

Ҳүкиметтиң 31.12.2020-жылдағы 829-санлы қарары менен Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында хабар берген яки оған қарсы гүресиўге басқа формада жәрдем берген пуқараларды хошаметлеў тәртиби ҳақкындағы Реже тастыйықланды.
Режеге көре, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында хабар берген шахслар төмендеги тийкарлардан бири болғанда бир мәртелик пул сыйлығы менен хошаметленеди:
- өзлерине қарата пара талап еткен шахс ямаса өзлерине мәлим болған коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында коррупцияға қарсы гүресиўши уйымлар (Бас прокуратура, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратура жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти)ға берген хабары тийкарында бундай ҳуқықбузарлық ашылса;
- коррупцияға байланыслы жынаятты ислегени ушын излеўде болған шахс ҳаққында ҳуқық қорғаў уйымларына берилген хабар тийкарында излеўдеги шахс усланыўы (ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери буннан тысқары).
Соған көре, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында хабар берген ямаса коррупцияға қарсы гүресиўге басқаша тәризде жәрдемлескен шахслар тийислинше БЕМның 3 есесинен 25 есесине шекем (669 мың сумнан 5 млн 575 мың сумға шекем) муғдарда бир мәртелик пул сыйлығы менен хошаметлениўи мүмкин.
Егер пара суммасы ямаса жеткерилген зыян ямаса өзлестирилип атырған (өзлестирилген)
мүлктиң баҳасы БЕМның жүз есесинен көп болса, сыйлық төмендеги пайыз есабында есапланады:
- анағурлым муғдар ушын – мүлк баҳасының 15 пайызы муғдарында;
- көп ҳәм жүдә көп муғдар ушын – мүлк баҳасының 10 пайызы муғдарында.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими