Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

28

#Билесиз_бе? | #2021-жыл 1-январьдан


#Билесиз_бе? | #2021-жыл 1-январьдан

Тәбиятқа зыян жеткергенлиги ҳаққында хабар берген шахсларға пул сыйлығы бериледи

#2021-жыл 1-январьдан:

аймақларда турмыслық шығындыларын топлаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша хызмет көрсетиў ушын мәжбүрий төлем тарифлери алдын баҳаларды тәртипке салыў уйымлары жуўмақлары алынып, кейинала тийислинше жергиликли Кеңеслер қарарлары менен мақулланғаннан кейин  тастыйықланады;

турмыслық шығындылар менен байланыслы ислерди комплекс әмелге асырыў ушын бириктирип берилген аймақларда екилемши шийки затты (металл бөлеклери шығындыларын сатып алыўдан тысқары) қабыл етиў шақапшалары арқалы таярлаў усы кластерлер тәрепинен әмелге асырылады;

екилемши шийки затты турмыслық шығындылар менен байланыслы ислерди әмелге асырыў тараўында хызмет көрсетиўге қәнигелескен шөлкемлердиң разылығысыз ажыратып алыў ҳәм  өзлестириў қадаған етиледи;

  халық тәрепинен Мәмлекетлик экология комититиниң Интернет тармағындағы арнаўлы мәлимлеме системасына жиберилген экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы фотосүўретлер ҳәм видеожазыўлар Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте белгиленген тәртипте көрип шығылады;

фотосүўретлер ҳәм видеожазыўларды жиберген шахслар ҳуқықбузардан өндирилген жәрийма муғдарының 15 пайызы муғдарындағы пул саўғасы менен хошаметлендириледи (https://lex.uz/docs/5023628).