Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

25

Нѳкис районы «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйынында пуқаралар менен «Дәслепки еситиў институтының әмелиятқа енгизилиўи» бойынша ушырасыў болып ѳтти


2020-жылы 24-декабрь күни Нѳкис районы «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйынында пуқаралар менен «Дәслепки еситиў институтының әмелиятқа енгизилиўи» бойынша ушырасыў болып ѳтти. Ушырасыўда жынаят ислери бойынша Нѳкис районы судының баслығы А.Сейтанов Дәслепки еситиў институтының әмелиятқа енгизилип атырғанлығын,
2021-жыл 1-январьдан баслап судлар тәрепинен жынаят ислерин кѳриўде тәреплердиң илтимасына кѳре яки суд ѳзинин басламасы менен дәслепки еситиўди ѳткериўи мумкинлигин, дәслепки еситиў тѳмендеги тийкарларға кѳре ѳткерилетуғыны, жынаят иси бойынша ис жүритиўди тоқтатып турыўы, жынаят иси бойынша ис жүритиўден қыскартыў, исти прокурорға жибериў, ислерди бириктириў, намақбул далиллерди шығарыўы мумкинлиги ҳаққында түсиник берип ѳтти.

Жынаят ислери бойынша
Нөкис районы суды баслығы            А.Сейтанов