Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

ЮРИСТЛЕР МАМАНЛЫҒЫН АСЫРЫӮ ОРАЙЫНЫҢ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ФИЛИАЛЫ АШЫЛДЫ


Орынларда кадрлар маманлығын асырыӯдыӊ сапасын жақсылаӯ, тыӊлаӯшыларға ҳәр тәреплеме қолай шәраятлар жаратыӯ мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2020-жыл 8-сентябрьдеги “Юридик тараӯға тийисли билим талап етилетуғын қәнигелерди қайта таярлаӯ ҳәм маманлығын асырыӯдыӊ заманагѳй системасын енгизиӯ илажлары хаққында”ғы 544-санлы қарарына тийкар Юристлер маманлығын асырыӯ орайыныӊ Қарақалпағыстан Республикасы филиалы шѳлкемлестирилди.
Ҳүкиметтиӊ усы қарарына тийкар Юристлер маманлығын асырыӯ орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалына жаӊа ӯазыйпалар жүклетилди ҳәм Филиалдыӊ тастыйықланған Ис-режесине муӯапық ӯазыйпалар ҳәм жѳнелислер белгиленди.  
Филиал ѳз жумысын мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыӯ уйымлары, жергиликли мәмлекетлик хәкимияты уйымлары, суд ҳәм хуқық қорғаӯ уйымлар, нотариал кеңселер, ПҲАЖ ҳәм адвокатура ҳәмде басқа шѳлкемлер менен биргеликте әмелге асырады.

Юристлер маманлығын асырыӯ орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиали Қарақалпақстан Республикасы юридика техникумы имаратында жайласқан.

Филиалдыӊ мақсети

Филиалда қәнигеликлер бойынша оқыӯ семинарларын шѳлкемлестириӯ ҳәм ѳткериӯдиӊ талап етилетуғын дәрежесин тәмийинлеӯ, мәмлекетлик басқарыӯ уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериниӊ аймақлық бѳлимлери ҳәм шѳлкемлериндеги кадрлардыӊ ҳуқықый билимлерин асырыӯға қаратылған зәрүрликлерин үйрениӯ, оқыӯ курсларына қамтыӯ, оқытыӯдыӊ инновациялық усыллары ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиӯ, филиал хызметин шѳлкемлестириӯ филиалдың тийкарғы мақсети есапланады.

Филиалдыӊ тийкарғы ӯазыйпалары

-заманагѳй шәраятларда кадрлардыӊ кәсиплик билим ҳәм кѳнликпелерине қойылып атырған талапларды есапқа алып, орынларда жумыстан ажыралмаған ҳалда оқытыӯдыӊ инновациялық усыллары ҳәм педагогикалық технологияларын, соныӊ менен қатарда хабар технологиялары имканиятларын кеӊ қоллаӯ арқалы маманлығын асырыӯ курсларын шѳлкемлестириӯ;
-аралықтан оқытыӯ тәлим усыллары арқалы қайта таярлаӯ ҳәм маманлығын асырыӯ курсларын онлайн режиминде ѳткизилиӯин тәмийинлеӯ;
-филиалда маманлығын асырыӯ курсы тыӊлаӯшылары ушын тийисли министрлик ҳәм мәкемелердиӊ тәжирийбели қәнигелерин қамтыған ҳалда турақлы түрде интерактив шынығыӯлар, дѳгерек сәӯбетлери ҳәм оқыӯ-әмелий семинарларды шѳлкемлестириӯ;
-маманлық асырыӯ курсларына қамтыӯ ушын Қарақалпақстан Республикасы бойынша кадрлар базарын анализлеп, талапкерлердиӊ бар болған мүтәжликлерин үйрениӯ, оларды излеӯ ҳәмде жаӊа жѳнелислер бойынша қысқа мүддетли маманлығын асырыӯ курсларын шѳлкемлестириӯ бойынша усыныслар таярлаӯдан ибарат.

Ш.Атаниязова,
Юристлер маманлығын асырыӯ орайы
Қарақалпақстан Республикасы бас қәнигеси