Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Билесизбе


Билимлендириў мәкемелери педагог хызметкердиң кәсиплик искерлигине нызамға қайшы түрде араласыў ямаса билимлендириў мәкемеси педагог хызметкериниң хызмет ўазыйпаларын орынлаўға тосқынлық етиў жуўапкершиликке себеп болады. (https://t.me/huquqiyaxborot/7649)
Бундай ҳуқықбузарлық ушын:
- пуқараларға базалық есаплаў муғдарының (БЕМның) 5 есесинен 7 есесине шекем (1 млн 115 мың сумнан 1 млн 561 мың сумға шекем);
- лаўазымлы шахсларға болса БЕМның 7 есесинен 10 есесине шекем муғдарда (1 млн 561 мың сумнан 2 млн 230 мың сумға шекем) жәрийма қолланылады.
- Бундай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында тәкрар исленсе:
- пуқараларға БЕМның 7 есесинен 10 есесине шекем (1 млн 561 мың сумнан 2 млн 230 мың сумға шекем);
- лаўазымлы шахсларға болса БЕМның 10 есесинен 15 есесине шекем муғдарда (2 млн 230 мың сумнан 3 млн 345 мың сумға шекем  жәрийма қолланыўы мүмкин).

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими А.Отарбаев