Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

Нызамшылықтағы _ жаңалықлар


Ҳүкимет қарары менен (776 – сан,11.12.2020 ж.) Жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органлары тәрепинен салық төлеӯшилердиң салық төлеӯ мүддетлерин узайтыӯ ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге көре, жергиликли мәмлекет ҳәкимият органлары тәрепинен мал-мулк салығы, жер салығы, суӯ ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық ҳәм айланбадан алынатуғын салықты төлеӯди кешиктириӯ ямаса бөлип-бөлип төлеӯ имканиятын бериӯ тәртиби орнатылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси, ӯәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы халық депутатлары Кеңеслери (ӯәкиллик органы) салықларды төлеӯди кешиктириӯ ямаса бөлип-бөлип төлеӯ имканын бериӯ яки оны бериӯден бас тартыӯ ҳаққындағы қарар жойбары киргизилген куннен баслап 30 кун даӯамында қарарды қабыл қылады.
Салық төлеў мүддетлерин өзгертиў имканын бериӯ нәзерде тутылған жағдайда:
- Кешиктириў яки бөлип-бөлип төлеӯ имканияты берилетуғын салық түри (түрлери);
- қарыз суммасы;
- кешиктириў яки бөлип-бөлиб  төлеў имканияты берилетуғын салық түри (түрлери) бойынша мүддет;
- қарыз суммасын ҳәм есапланған процент төлеӯ тәртиби ҳәмде мүддетлерин өзинде көрсетилген қарардың нусқасы ҳәкимликлер тәрепинен мәпдар шахс дизимде турған орындағы салық органына ҳәм мәпдар шахсқа бул қарар қабыл етилген күннен баслап 3 жумыс куни даўамында жибериледи.
Сондай-ақ, реже менен мәўсимлик қәсийетке ийе болған тармақлар ҳәм искерлик түрлери дизимиде көрсетилди.

ҚР Әдиллик министрлиги бас мәсләхәтшиси А.Отарбаев