Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

09

9-декабрь – Коррупцияға қарсы гүресиў халықаралық күни мүнәсибети менен Ден саўлықты сақлаў министрлигинде таңлаў өткерилди


Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети басламасы менен Ден саўлықты сақлаў министрлиги системасындағы емлеў-профилактика мәкемелери ҳәмде район ҳәм қалалар медицина бирлеспелери басшылары ортасында “Ден саўлықты сақлаў системасын коррупциясыз тараўға айландырамыз!” таңлаўы өткерилди.
Таңлаўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес комитет баслығы З.Реймова, Әдиллик министри С.Мамбеткадыров, Ден саўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, Өзбекстан Ден саўлықты сақлаў хызметкерлери Кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Л.Байбосыновалар қатнасып, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында атап өтти.
Таңлаў 3 шәрт бойынша өткерилди.
1-шәртте қатнасыўшылар коррупцияға қарсы гүресиў бойынша қабыл етилген нызам ҳүжжетлери ҳәм тараў бойынша ден саўлықты сақлаў министриниң буйрықлары тийкарында дүзилди.
2-шәртте қатнасыўшылар өзи басқарып атырған медицина мәкемесинде 2021-жылда коррупцияга қарсы гүресиў бойынша әмелге асыратуғын тийкарғы илажларын ислеп шығып, төрешилер қурамы ағзаларына түсиндирип берди.
Бунда ҳәзирги ўақытта усы тараўда бар болған машқалалар, коррупцияға алып келиўши факторлар ҳәм оларды болдырмаў бойынша усыныслар ислеп шығылғанлығы баҳаланды.
3-шәрт “Машқалалы жағдайлардан нызамлы шығыў жоллары” деп аталып, бул шәртте қатнасыўшылар берилген мәселеге нызам ҳүжжетлери тийкарында жуўап бериўи лазым.
Таңлаў жуўмағына көре:
1-орынды Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы Бас шыпакери – Атаниязов Хуршид Хамидович
2-орынды Хожели район медицина бирлеспеси баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Сапаев Нурмухамед Ишмухамедович
3-орынды 1-санлы Республика руўхый ҳәм неврологик кеселликлери диспансери бас шыпакери Палуанова Зухра Дарибаевна ийеледи.
Сондай-ақ, таңлаўда белсене қатнасқан қатнасыўшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.  
Таңлаў ушын тест сораўлары ҳәм казуслар Әдиллик министрлиги тәрепинен таярланды.  

Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри С.Мамбеткадыров