Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

04

Бала күтими ушын төленбей қалған напақа төленетуғын болды


Бала күтими ушын төленбей қалған напақа төленетуғын болды

Нөкис қалалық әдиллик бөлимине тәрепинен  Х.У. дың “Бақшылық” мәкән пуқаралар жыйыны (кейинги орынларда – МПЖ деп жүргизиледи) тәрепинен 2 жасқа шекемги бала күтими напақа пулы тоқтатылғанлығынан наразы болып жоллаған мүрәжаты үйренип шығылғанда төмендегилер анықланды.

МПЖ тәрепинен пуқара Х.У.ға 2020-жыл
май айынан 2 жасқа шекемги бала күтими бойынша напақа тайынланып, август айына шекем төлеп берилген. 2020-жыл август айында Социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетшилик қадағалаў комиссиясы менен биргеликте шаңарақларды үйрениў ўақтында пуқара Х.У. көрсетилген мәнзилде жасамай атырғанлығы ушын жыйналыс қарары менен 2 жасқа шекемги бала күтими напақа пулы тоқтатылған.

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен 14 жасқа шекем балалары болған шаңарақларға напақа, бала еки жасқа толғанға шекем бала күтими бойынша напақа ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2013-жыл 15-февраль күнги 44-санлы қарары менен тастыйықланған “Кем тәмийинленген шаңаракларға социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққында”ғы Реже менен тәртипке салынады.
Усы Режениң 12-бәнтинде балалы шаңарақларға напақа ҳәм материаллық напақа арза бериўшиниң жасаў орны (турақлы яки тийкарынан жасап турған орны) бойынша пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары тәрепинен шаңарақ баслығы яки басқа ҳəрекет уқыплылығына йие болған шаңарақ ағзасының жазба арзасы тийкарында, бала күтими бойынша напақа болса – баланың анасы яки оның орнын басыўшы шахстың арзасы тийкарында тайынланады.
Сондай-ақ, усы режениң 38-бәнтинде балалы шаңарақларға напақа, бала күтими бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў:
Төлемниң нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мүддети тамамланғанда;
балалар балалы шаңарақларға напақа ҳәм бала күтими бойынша напақа алыў ҳуқықын бермейтуғынн жасқа толғанда;
бала күтими бойынша напақа алыўшы ана жумысқа шыққанда;
турақлы жасаў орны өзгергенде;
пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы тәрепинен шаңарақтың бул төлемлерге зәрүрлиги жоқлығын билдириўши жағдайлар анықланғанда;
пуқаралар жыйынының (Комиссияның) тийисли төлемлерди тайынлаў ҳаққындағы қарарына тәсир көрсеткен, бузылған ҳәм исенимсиз мағлыўматлар анықланған жағдайларда тоқтатылады.

Бирақ, пуқара Х.У. ның бала еки жасқа толғанға шекем бала күтими бойынша напақасы турақлы жасаў орны өзгермеседе МПЖ тәрепинен тоқтатылған.

Мүрәжатты үйрениў нәтийжеси бойынша, “Бақшылық” мәкән пуқаралар жыйынына усыныс киргизилип, усынысқа тийкар Х.У. дың бала күтими ушын напақасы сентябрь айынан баслап төлеп берилди.

Бахадыр Нажимов,
Нөкис қалалық әдиллик бөлими
аға  мәсләҳәтшиси