Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

#Билесиз_бе?


#Билесиз_бе

“Халықтың саламат аўқатланыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ–4887, 10.11.2020-ж.)на муўапық , 2021-жыл 1-июньнан:
● 6-23 айлық балалар ушын үй шәраятында таярланған аўқатларды байытыў мақсетинде микронутриент унтағы менен;
● 6 айлықтан 5 жасқа жекем болған балалар “А” витамини менен;
● 2-10 жастағы балалар гельминтоз профилактикасы бойынша арнаўлы препаратлар менен бийпул тәмийинленеди.

2022-жыл 1-июльден:
● ҳәмиледар ҳәм бала емизиўши ҳаяллар ҳәмде 3-15 жастағы балалар йод препараты менен;
● 35 жасқа шекем туўыў жасындағы ҳаяллар темир ҳәм фолий кислотасы препараты менен бийпул тәмийинленеди.

Азық-аўқат өнимлери қурамында дуз, қант ҳәм май муғдары инсан ден саўлығы ушын қәўипсиз ямаса зыянлы екенлигин көрсетиўши белгилер менен тамғаланады.
Бунда:

2021-жыл 1-июльден:
● азық-аўқат өнимлерин мөрлеў ықтыярлы тийкарда әмелге асырылады
● тәлим, спорт ҳәм медициан мәкемелеринде қәўипсизлик белгиси менен тамғаланбаған азық-аўқат өнимлерин сатыўға жол қойылмайды ҳәмде бундай өнимлерди реализация етиў саўда қағыйдаларын бузыў сыпатында баҳаланады.

2025-жыл 1-январьдан республикаға сатыў ушын алып кирилетуғын ҳәм жергиликли ислеп шығарылатуғын азық-аўқат өнимлери олардың адам ден саўлығы ушын қәўипсиз ямаса зыянлы екенлигин көрсетиўши белгилер  менен мәжбүрий тәртипте тамғаланады.

Азық-аўқат өнимлериниң инсан ден саўлығы ушын қәўипсиз ямаса зыянлы екенлигин белгилеў мәмлекетлик санитария қадағалаў уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.