Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

09

Билесиз бе?


#Билесиз_бе?

Мийнет мигранты өзин-өзи бәнт еткен шахсқа теңлестириледи, енди ол қайсы салықларды төлейди?

Өзин-өзи бәнт еткен шахслар дәрамат салығын төлемейди, социаллық салықты болса пенсия алыў ушын ис стажына зәрүрлик сезсе ғана төлейди.

2021-жыл 1-январьдан баслап мийнет миграциясы жолы менен сырт елде ўақтынша мийнет искерлигин әмелге асырыў өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған искерлик (жумыслар, хызметлер) түрлерине теңлестириледи

Оларға өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын белгиленген салықларды төлеў ҳәмде пенсия муғдарын есаплаў тәртиби қолланылады.

Салық кодексиниң 369-статьясына муўапық өзин-өзи бәнт еткен шахслар физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығынан азат етиледи.

Өзин-өзи бәнт еткен шахслар өзине пенсия есапланыўы ҳәм ис стажына ийе болыўы ушын Пенсия қорына ықтыярлы түрде салық төлеўи мүмкин, бул 2020-жыл ушын кеминде БЕМның 50 пайызы муғдарында  (111 мың 500 сум) белгиленген.

Егер шет елде ўақтынша мийнет искерлигин әмелге асырып атырған пуқаралар Өзбекстанда пенсия ҳәм ис стажына зәрүрлик сезбесе, онда Пенсия қорына социаллық салық төлеўдиң қәжети жоқ.

Демек, мийнет мигрантларының өзин-өзи бәнт еткен шахсқа теңлестирилиўи оларды социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған.