Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

13

Нызамшылықтағы жаңалықлар


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Ҳүкимет қарары (706-сан, 10.11.2020-ж.) менен Өзбекстан мәмлекетлик архивлери оқыў залларында пайдаланыўшылардың архив ҳүжжетлери менен ислеў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Пайдаланыўшы мәмлекетлик архивлердиң оқыў залларында архив ҳүжжетлеринен пайдаланыў ушын рәсмий хат ямаса арза усынады.

Мүрәжат сол күнниң өзинде көрип шығылады.

3 жумыс күнинде пайдаланыўшыға оқыў залларында ислеў ушын 1 жыл мүддетке руқсатнама усынылады.

Шет ел пуқарасы болған пайдаланыўшылар мәмлекетлик архивлер оқыў залларында архив ҳүжжетлеринен Сыртқы ислер министрлигиниң жазба разылығы менен пайдаланады.

Оқыў залында  пайдаланыўшыға топламлар ҳәм микронусқалар бир ай мүддетке бериледи.

Айырықша баҳалы ҳүжжетлер (егер олардың пайдаланыў нусқасы болмаса) пайдаланыўшыға 2 ҳәптеден көп болмаған мүддетке, теңи жоқ ҳүжжетлер ҳүжжетлер болса 5 күнге бериледи.
Оқыў залларына кириў ҳәм архив ҳүжжетлеринен пайдаданыў бийпул әмелге асырылады.