Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

16

ДИНИЙ ЭКСТРЕМИЗМ ҲӘМ ФУНДАМЕНТАЛИЗМ. БУННАН СЕРГЕК БОЛАЙЫҚ!


ДИНИЙ ЭКСТРЕМИЗМ ҲӘМ ФУНДАМЕНТАЛИЗМ. БУННАН СЕРГЕК БОЛАЙЫҚ!
Мәмлекетимиз ҳәм жамийет қәўипсизлиги ғәрезсизликке ерискен күнлеримизден баслап-ақ мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпасы болып келген. Бул тез пәт пенен раўажланып атырған ҳәзирги дәўирдиң бүгинги күнинде алдыңғы қатардағы әҳмийетли ўазыйпа болмақта. Себеби дүнья майданында терроризм ҳәм диний ақидапарастлық ағымы мәмлекетлер қәўипсизлигине кери тәсир етип, раўажланыўына қәўип туўдырыў арқалы дүньяға ҳүкимлик етиў дәрежесине ерисиўге умтылмақта.
Бүгинги күнде идеялогия полигонлары ядро полигонларынан да тәсиршең қәтерли ҳәм қәўипли деп айта аламыз. Себеби идеялогиялық тәсирлер арқалы инсан санасына терең тәсир етип, оның руўхый дүньясынан орын алып, ой пикирлерин бузып, инсанды белгиленген бир мақсет жолында ҳәрекетке келтириўге умтылмақта.
Жер жүзинде бүгинги күнде исленип атырған террористлик актлер халқымызды еледе бир иләҳий уллы идеялар елимиз тынышлығы ҳәм қәўипсизлиги жолында бирлесиўге шақыратуғын болса, дүнья көлеминде амелге асырылып атырған террористлик ҳәрекетлер терроризм иллетине жер жүзи көлеминдеги мәмлекетллер биргеликте гүресиў лазымлығының ҳақыйқат екенлигин көрсетеди.
Заманның жүдә глобалласып, пән-техника, технологиялардың тез пәтте раўажланыўы, соның ишинде мәлимлеме-технологиялары әсиринде инсан санасы ҳәм руўхый дүньясының орталықты, ҳәр қыйлы тәсирлерди сезиниўин сынаўдан өткермекте. Бул инсан санасына ақидапарас күшлердиң инсаныйлыққа жат идеяларды енгизиўге, буның менен айырым мәмлекетлер ишинде сиясий ыдыраўлар болдырып, тәртипсизликти келтирип шығарып сол арқалы ҳәкимият басына келиўге умтылмақта.
Усы сыяқлы, бизлердиң де азат ҳәм абат, ғәрезсиз Ӱатанымыздың тынышлығын бузыўға умтылыўшы айырым күшлер мәмлекетимиздиң раўажланыў турақлылығын, тынышлығын бузыўға ҳәрекетленеди.
Мәмлекетимиздиң ишки ҳәм сыртқы тыныш, парахат турмысына қәўип салыўшы тийкарғы факторлардан бири болған ҳәрекет диний экстремизм ҳәм фундаментализм болмақта.
Сондай екен, диний экстремизм ҳәм фундаментализм түсиниклери нени аңлатады. Алды менен усы тәрепине тоқтаўымыз лазым.
Диний экстремизм айырым диний ағымлар яки айырым диншиллердиң жәмийеттиң нызам-нормалары ҳәм қағыйдаларына сай келмейтуғын идеялогиясы ҳәм искерлиги менен тәсир жасаў болып табылады. Диний экстремизм көпшилик динлерде бар болып, оның тәрепдарлары өз алдына сиясий мақсетлерди өз алдыларына  қояды.
Ислам экстремизминиң ақидасына көре, ҳәзирги заман мусылман жәмәәтлери ислам дини көринислерин жойытқан жәмийетлерине айланып, бундай диний түсиниклери менен ҳүкимет ҳәм оның жүргизип атырған мәмлекетлик сиясатын кескин қаралаў ушын тийкар болып хызмет етеди деп пикирлейди. Сондай-ақ, ҳақыйқый мусылманлар ҳәкимиятқа келген соң, тикленежақ “исламый тәртип”ти орнытыў ушын кескин ҳәм агрессив ҳәрекет қылыўлары лазымлығын билдиреди. Бундай ҳәрекетлердиң нызамға муўапықлығы мәселеси олар тәрепинен улыўма ортаға қойылмайды, олар тек шәриятқа таянып ис көреди ҳәм өзлерин исламнан шегинген ҳәкимиятты аўдарыўға ҳақылымыз деп ойлайды.
Ҳәзирги заман ислам экстремизминиң идеялық тийкаршысы ретинде “Мусулмон-биродарлар” ҳәрекетинен (Египетте 1928-жыл) жетисип шыққан Саййид Қутб (1906-65) тән алынған. Оның теориясына көре өзин мусылман деп есаплаўшылардың көпшилиги тийкарынан мусылман емес ҳәм улыўма, бәрше мәмлекетлер исламға қарсы деп пикир жүргизеди. Демек, мақсет – ислам мәмлекетин тиклеў ҳәм жәмийетти толығы менен исламластырыў болып табылады.
Кейинги дәўирде, Диний экстремизм анық көринисте мәмлекетимизде де пайда болды. Буған мысал ретинде 1999-жыл 16-февралда Ташкент қаласында жүз берген ўақыялар диний ақидапарастлардың тийкарғы мақсети конституциялық дүзимге тәсирин тийгизиў ҳәм ҳәкимият басына келиў екенлигин көрсетти.
Диний экстремизмниң Өзбекстандағы көринисин, ақидапарастлықты елимизде жайыў арқалы ҳәрекет етип турған мәмлекетге, оның сиясатына исенимди жойтып жоққа шығарыўға умтылыўшылық урыныўларда аңлаў мүмкин.
Экстремистлер жәмийетте ерксиз, көниўши, жумыссыз шахслар менен қатарын арттырыўды, “жасалма” ҳәм “ҳақыйқый” диншиллик белгилери бойынша қарама-қарсылықты келтирип шығарыўды көзлейди. Олар өз мақсетлерине ерисиў ушын өз тәрептарларын таярлаўға ҳәрекет етеди.
Мәмлекетимиз, Өзбекстанды Батысқа “исламластырылған”, Шығысқа болса, керисинше, “динсиз”, “атеист” мәмлекет ретинде аңлатып, Мәмлекетимиздиң халықаралық көринисте абырайына түсириў мақсетине умтылады. Олар, улыўма, ислам цивилизациясы менен ноисламий цивилизациялар арасында қарама-қарсылықларды күшейтиў сыяқлы, қәуип салыўшы жаўыз режелерди де дүзиўден қайтпайды.      
Фундаментализм түсинигине тоқтайтуғын болсақ - бул анық тәлиймат ақидаларының өзгермейтуғынлығын дағаза ететуғын, сыйыныўды ақыл дәлиллеринен үстем қоятуғын, иләҳий китаплардағы қуданың қәлеўи қайсы мәниде баян етилген болса, сол мәниде қабыл етилиўин талап ететуғын, әйне ўақытта оларды өзгермели мәнисте талқылаўға ҳәр қандай урыныўларды бийкар ететуғын, дин тийкарларын булжытпай орынлаўды қатаң талап ететуғын социаллық, идеялогиялық, диний бағдарлар түсиниледи.
XX әсирдиң 70-жылларынан фундаментализм сөзи ислам тәлийматынада қарата қолланыла баслады. Ислам фундаментализми Қуран ҳәм ҳәдислерди сөзбе-сөз талқылаўды ҳәм дәслепки Исламға қайтыўды үгит-нәсиятлайды.
Бүгинги күнде фанатик мусылманлар “фундаменталистлер” деп аталмақта. Ислам фундаментализми түрли бағдар ҳәм кейпияттағы топарларды өз ишине алады. Олардың базылары террор усыллары менен нызамлы ҳәкимиятға қарсы гүресте өзин көрсетсе, басқалары болса үгит-нәсиятлаў, агитация жумысларын, диний тәлим менен биргеликте, түрли жәмийетлик шөлкемлер, мектеп, университет, ғалаба хабар қуралларына кирип барыў, аудио-видеодискларды тарқатыў жоллары менен әмелге асырады.
Ислам фундаментализмине тән болған идеялар – батыс турмыс тәризи ҳәм батыс товарларының тутынылыўына қарсы гүрес, динсиз яки “таза исламнан шегинген” мәмлекет пуқараларына тәсир көрсетиў, Ҳүкимет басшыларына физикаылқ жоқ етиўден ибарат.
Бул мазмуннан жуўмақ шығарып, мәмлекетимиздиң миллий қәўипсизлигине, сондай-ақ, мәмлекетимиз раўажланыўының бәрше тараўларының турақлы, бир қәлипте раўажланыўына үлкен кери тәсир көрсететуғын, оның изден шығыўына алып келетуғынлығын ҳәр биримиз естен шығармаўымыз лазым.
Билдирип өтилгенлерди нәзерде тутқан ҳалда ҳәр бир тараў ўәкиллери, алды менен, аңғарыў ҳәм сергекликти күшейткен ҳалда, жоқары дәрежедеги мәнәўий-мәрипий, сиясий дүньяқараслар менен тапланған, жоқары профессионаллық искерликте жумыс алып барыўды, мәмлекетимиз ҳәм дүньяда жәмийетшилигинде болып атырған раўажланыўлар, реформалар мазмун-мәниси ҳәмде әҳмийетин дурыс аңлап жетип, ҳәр қыйлы сыртқы тәсирлерден сергек болыў, нызамшылық нормалары  шеңберинде жумыс алып барыў бүгинги күн талабы болады.
Халық мәпин көзлеп, Ӱатансүйиўшилик сезимлери менен, пидайылық руўқында елимизде алып барылып атырған сиясатты қоллап-қуўатлап ҳамме ўақытта Ел-тынышлығы ушын сергек болыў зәрүр.

Қарақапақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес
шөлкемлер бөлими баслығы                                                                Отеулиев Абилкасим Отегенович