Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

06

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Айырым нызам ҳүжжетлерине ѳзгерис ҳәм қосымшалар киргизиӯ ҳаққындағы  Нызам Президент тәрепинен имзаланды (645-санлы Нызам, 05.11.2020-ж.).

Нызам менен бир қатар нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизилди. Атап айтқанда, Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 14, 245, 287-статьялары толықтырылып, кодекске жаңа 185² ҳәм 185³-статьялар қосылды.

185²-статьяның биринши бѳлиминде суӯық қурал сыпатында пайдаланылыӯы мүмкин болған затларды олардан кәсиплик искерлигинде, спорт жумысларында ямаса хожалық-турмыслық мақсетлерде пайдаланыӯ менен байланыслы жағдайларда, жәмийетлик орынларда ашық  (қапсыз) ҳалда алып жүргенлиги ушын   111 мың 500 сумнан 223 мың сумға шекем муғдарда жәрийма жазасы белгиленди.
“Қурал ҳаққында”ғы Нызамға  (https://t.me/huquqiyaxborot/8440) суӯық қурал сыпатында пайдаланылыӯы мүмкин болған затлар түсиниги киргизилди.

Бундай затларға кәсиплик, ислеп шығарыӯ ямаса спорт жумысларында ямаса хожалық-турмыслық мақсетлерде пайдаланыӯ ушын мѳлшерленген, санаат усылында ямаса қолбала түринде жасалған ушлы, кесиӯши (пышақлар, бизлер ҳәм басқа ушы ѳткирленген шаншылатуғын, кесиӯши), физикалық күш ислеткенде жарақат жеткериӯи мүмикн болган   (бейсбол биталары, софтбол ойыны ушын биталар) затлар киреди.

Бул Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Ҳүжжет ҳаққындағы толық мағлыӯмат пенен www.lex.uz сайты арқалы танысыӯыңыз мүмкин.