Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

05

Сораған едиңиз



Хызметкердиң мийнет ҳақысынан услап қалыӯ оның жазба разылығы менен ямаса судтың қарарына тийкар әмелге асырылыӯы мүмкин (http://lex.uz/docs/142859).

Хызметкердиң разылығысыз мийнет ҳақысынан тѳмендеги жағдайларда услап қалыныӯы мүмкин:

- белгиленген салықлар ҳәм басқа мәжбүрий тѳлемлерди ѳндириӯ ушын;
- судтың қарарлары ҳәм басқа орынлаӯ ҳүжжетлерин орынлаӯ ушын;
- алдыннан берилген мақсетли пуллар (мәселен, хызмет сапарлары ушын берилген ҳәм ислетилмей қалынған аванс) бойынша есап-китап етиӯ ҳәмде артықша тѳленген сумманы қайтарып алыӯ ушын;
- мийнет дем алысы бойынша есап-китап етиӯ ушын;
- хызметкер тәрепинен жумыс бериӯшиге жеткерилген зыянды қаплаӯ ушын;
- интизамий жаза сыпатында тайынланған жәрийманы ѳндириӯ ушын.

Ис ҳақыдан услап қалынатуғын ҳақының улыӯма муғдары хызметкердиң ис ҳақысының елиӯ пайызынан артып кетпеӯи лазым. Усы шеклеӯ алимент мәжбүриятлары бойынша  қарыздарлықты мийнет пенен дүзетиӯ жумыслары жазасы тайынланған хызметкердиң ис ҳақысынан услап қалыӯға қарата қолланылмайды. Бундай жағдайларда услап қалынатуғын ҳақының жетпис пайызынан кѳбейип кетпеӯи лазым.