Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

03

“Адолат” миллий ҳуқықый мәлимлеме орайының тийкарғы ўазыйпалары белгиленди


“Адолат” миллий ҳуқықый мәлимлеме орайының тийкарғы ўазыйпалары белгиленди

Ҳүкимет қарары (678-сан, 30.10.2020-ж.) менен “Адолат” миллий ҳуқықый мәлимлеме орайы (Орай)дың тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.

Орай, атап айтқанда:

- Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында нызам ҳүжжетлериниң системаластырылған есабын ҳәм қадағалаў нусқаларын электрон формада жүргизилиўин тәмийинлейди;
- халықтың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыў бойынша мәнзилли ҳәм предметли ҳуқықый үгит-нәсият илажларын әмелге асырады;
- мәлимлеме-аналитикалық медиа материалларды таярлайды ҳәм тарқатады, усы материалларды таярлаў бойынша консалтинг хызметлерин көрсетеди;
- баспа ҳәм электрон дәўирлик социаллық-ҳуқықый баспаларды басып шығарады;
- мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлериниң буйыртпасына тийкар шәртнама тийкарында нызам ҳүжжетлери жойбарларын таярлайды.--
Сондай-ақ, қарар менен 2020–2021-жылларда жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў ис-илажлар бағдарламасы тастыйықланды.

Еслетип өтемиз, Президенттиң 2020-жыл 19-майдағы ПФ–5997-сан (https://lex.uz/docs/4820060) Пәрманына тийкар “Адолат” миллий ҳуқықый мәлимлеме орайы мәмлекетлик шөлкеми, “Инсон ва қонун” газетасы редакциясы мәмлекетлик унитар кәрханасы ҳәмде “Ҳуқуқ ва бурч” социаллық-ҳуқықый журналы редакциясын бирлестириў жолы менен олардың негизинде “Адолат” миллий ҳуқықый мәлимлеме орайы шөлкемлестирилген.