Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

30

Нызамда кѳрсетилген жеңилликлер бола тура буны неге итибарға алмады…


Нызамда кѳрсетилген жеңилликлер бола тура буны неге итибарға алмады…

Нөкис қалалық әдиллик бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитария-эпидемиология қадағалаӯы басқармасы Нөкис қалалық филиалында Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы Кодекси (кейинги орынларда Кодекс деп жүргизиледи) талапларына әмел етиӯи жағдайы усы жылдың   январь-август айларындағы искерлигинде ҳуқықбузарлық ҳаққындағы баянламалар мониторинг өткериӯ жолы менен үйренилди.



Мониторинг даӯамында Кодекстиң 54-статьясында Карантинли ҳәм инсан ушын қәӯипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыӯы ҳәмде тарқалыӯы шәраятында ӯәкилликли уйымның арнаӯлы талапларына қайшы түрде жәмийетлик орынларда нықапсыз болыӯ базалық есаплаӯ муғдарының бес есесине шекем муғдарда жәрийма салыӯға себеп болыӯы, сондай-ақ Кодекстиң 332-1-статьясында ҳуқықбузар оған жәрийма салыӯ ҳаққындағы қарар тапсырылған күннен баслап он бес күн ишинде жәрийма муғдарының жетпис пайызын ықтыярий түрде тѳлеген жағдайда, ол жәрийманың қалған бѳлегин тѳлеӯден азат етиледи деп кѳрсетилген талапларға әмел етилмегенлиги анықланды.

Мәселен, Нѳкис қаласы Тѳрткүл гүзары аймағында, яғный жәмийетлик орында медициналық нықап тақпай жүрген, пуқара Д.Д.ға  2020-жыл 6-апрель күни 2-14/102-санлы жәрийма салыӯ ҳаққындағы қарары берилген, бирақ арадан бир күн ѳтип, 2020-жыл 7-апрель күни пуқара Д.Д.дан базалық есаплаӯ муғдарының бес есеси муғдарында яғный 1.115.000 сум жәрийма ѳндирилген.

Тап сондай нызамбузылыӯ жағдайлары пуқаралар Т.Ф.ға 1.115.000 сум, К.А.ға 1.115.000 сум, Б.Ю.ға 1.115.00 сум, А.Н.ға 223.000 сум, М.Т.ға 669.000 сум, У.Ж.ға 223.000 сум, Т.Ш.ға 223.000 сум, Б.Г.ға 223.000 сум муғдарындағы жәрийма қоллаӯ ҳаққындағы қарарларында қайталанған.

Хабарыңыз бар, Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 294-статьясында ҳәкимшилик жуӯапкершиликке тартылып атырған шахстың ҳуқық ҳәм миннетлери түсиндирилиӯи белгиленген.

Пуқара Б.Б.ға қарата 2020-жыл 21-апрель күни 4.460.000 сум муғдарындағы жәрийма қоллаӯ ҳаққындағы қарар шығарылған. Бирақ пуқараға оның ҳуқық ҳәм миннетлери түсиндирилмеген.

Тап сондай нызамбузылыӯ жағдайы пуқара К.У.ға қарата жәрийма қоллаӯ ҳаққындағы қарарында да қайталанған.

Нөкис қаласы әдиллик бѳлими тәрепинен киритилген усыныс нәтийжесине көре, пуқаралардан артықша өндирилген 2.738.440 сум қаржылары өз ийелерине қайта тѳлеп берилди ҳәм Кодекстиң  294-статьясында ҳәкимшилик жуӯапкершиликке тартылып атырған шахстың ҳуқық ҳәм миннетлери түсиндирилмеген  4.683.000 сумлық  2 ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы қарарлары бийкар етилди.