Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

Жумыссызлық напақасы муғдарлары асырылады


Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Жумыссызлық напақасы муғдарлары асырылады

“Халықтың бәнтлиги ҳаққында”ғы Нызам Президент тәрепинен имзаланды (642-санлы Нызам, 20.10.2020-ж.).

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеӯге байланыслы бир қатар мәселелер Нызам дәрежесинде белгиленди. Атап айтқанда:

•  халық бәнтлигин хошаметлеӯ ҳәм исбилерменликке тартыӯ ушын субсидия, грант ҳәм кредитлер ажыратыӯ;
•  ҳәр жылы жумыс орынларын шѳлкемлестириӯге байланыслы мәмлекетлик буйыртпаны қәлиплестириӯ;
• жергиликли мийнет органлары тәрепинен жумыс излеп атырған ҳәм жумыссыз шахсларға кѳрсетилетуғын хызметлер түрлери;
•  жумыс излеп атырған шахсларды жергиликли мийнет органлары тәрепинен  дизимге алыӯ ҳәм есаптан шығарыӯ тәртиби;
•  “Бирден бир миллий мийнет системасы” кеңселераралық дәстүрий-аппарат комплексин жүргизиӯ;
•  мийнет стажын электрон тәризде есапқа алыӯ.

Сондай-ақ, Нызам менен Мийнет кодексине бир қатар ѳзгерислер киргизилиди. Атап айтқанда, жумыссызлық напақасы 12 айлық дәӯир ишинде кѳби менен 26 ҳәпте даӯамында тѳлениӯи белгиленди (әмелде ислемеген ҳәм биринши рет жумыс излеп атырған шахсларға 13 ҳәпте, басқа топардағыларға 26 ҳәпте даӯамында тѳленеди).

Нызамға муӯапық, жумыссызлық напақасы муғдары тѳмендегише асырылады:

жумыстан ҳәм ис ҳақынан  (мийнет дәраматынан) соңғы 12 айлық дәӯир ишинде айрылған шахсларға – алдыңғы жумыс орнындағы орташа айлық ис ҳақының 50 пайызы муғдарында, бирақ мийнетке ҳақы тѳлеӯдиң ең кем муғдары (МҲЕКМ – 679 330 сум)нан аз болмаған муғдарда (әмелде МҲЕКМның 35,2 пайызынан аз болмаған);

жумыстан ҳәм ис ҳақыдан (мийнет дәраматынан) айырылған ҳәмде узақ (1 жылдан артық) тәнепистен кейин мийнет искерлигин қайта баслаӯға ҳәрекет етип атырған шахсларға -  МҲЕКМның 1 есеси муғдарында (әмелде МҲЕКМның 26,5 ҳәм 35,2 пайызынан аз болмаған муғдарларда);

алдын ислемеген, биринши мәрте жумыс излеп атырған шахсларға– МҲЕКМның кеминде
75 пайызы муғдарында (әмелде МҲЕКМның кеминде 26,5 пайызы муғдарында).

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай ѳткеннен кейин кушке киреди.