Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008
Коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бойынша мағлыўмат 05.01.2021

Коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бойынша мағлыўмат

Коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бойынша мағлыўмат

Коррупция менен гүресиўде ҳәр бир мәмлекетлик уйымның тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады. Сол қатарда, Әдиллик министрлигинде де бул иллетке қарсы гүресиў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларға шек қойыў бойынша әҳмийетли ис-илажлар ислеп шығылды.
Министрликтиң коррупцияға қарсы гүресиў сиясаты ислеп шығылды, антикоррупциялық комплаенс системасы енгизилди.
Сол тийкарда хызметкерлер арасында коррупцияға қарсы аяўсыз гүресиў ҳәмде өз искерлигинде оған қарсы кескин гүресиў мақсетинде мийнет шәртнамаларына өзгерислер киргизилди.
Соны айрықша атап өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министриниң 2020-жыл 24-марттағы 68-ум-санлы буйрығы менен тастыйықланған “Әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелеринде HR-менежмент системасы ҳаққында”ғы Режеге көре, әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери хызметкерлерин жумысқа кабыл етиў тек ғана таңлаў тийкарында әмелге асырылыўы белгиленген.
Буннан тысқары, әдиллик министриниң 2020-жыл 19-марттағы “Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги системасында мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўды тәртипке салыў хаққында”ғы 64-ум-санлы буйрығы қабыл етилген болып, министрлик тәрепинен Әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелеринде шөлкемлестирилетуғын таңлаў (тендер) өткериў бойынша сатып алыўлар комиссиялары ҳаққындағы Реже, мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў шеңберинде сатып алыў тәртип-қағыйдалары қатнасыўшыларын тексериў процесси бойынша Қолланба, таңлаў өткериў бойынша сатып алыў комиссиясы қурамы тастыйықланған.
Әдиллик уйымлары системасында коррупцияға қарсы аяўсыз урыс жәрияланған. Бунда Әдиллик министрлиги қурамын кириўши барлық уйымлардағы коррупция көриниси ҳаққындағы мағлыўматларды телеграм тармағында @antikorbot боты арқалы ямаса министрлик рәсмий веб-сайтындағы арнаўлы платформа арқалы жибериў имканияты жаратылған. Бунда жиберилген хабарлар белгиленген тәртипте көрип шығылады ҳәмде мүрәжат етиўшиниң шахсы қатаң сыр сақланыўы тәмийинленеди.
Коррупция бойынша хабар берген шахслар белгиленген тәртипте хошаметленеди.
Министрликтеги бул жумысларды муўапықластырыўшы хызметкер ҳәм жәмийетшилик тийкардағы “Хадаллық офицери” лаўазымы енгизилди.
Бул тараўда алып барылып атырған кең көлемли ислер нәтийжесинде Әдиллик министрлиги коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик уйымлар ишинде биринши болып “Коррупцияға қарсы гүресиў менеджмент системасы” халықаралық стандартына муўапық деп баҳаланды ҳәм сертификатқа ийе болды.
Хабарыңыз бар, “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызамда коррупция ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиўде халықтың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыў әдиллик министрлигине жүклетилген тийкарғы ўазыйпалардан бири есапланады.
Министрлик тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў тараўында бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри тәрепинен тастыйықланған “Мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлеринде хызметкерлердиң ҳуқықый билимин асырыўға қаратылған ҳуқықый мәсләҳәт курсларын шөлкемлестириў бойынша реже-график” тастыйықланып мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин түсиндириўге қаратылған “Мәсләҳәт курслары”н өткериў жолға қойылған.
Сондай-ақ, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң ҳуқықый билим ҳәм саўатлы адамлығын асырыў мақсетинде вебинарлар өткерип келинбекте.
Министрлик тәрепинен ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, Халық билимлендириў министирлиги, Жаслар аўқамы менен биргеликте жасларда коррупцияға ҳәм басқа ҳуқықбузарлықларға қарсы тақатсызлық сезимин қәлиплестириўге қаратылған “Коррупция раўажланыўға тосық” атамасындағы шығармалар таңлаўы өткерилип келинбекте. Бул таңлаўларда ҳәр жылы жасларымыз белсене қатнасып, Өзбекстан Республикасы көлеминде сыйлы орынларды ийелеп келмекте.
Соны айрықша атап өтиўимиз лазым, министрлик тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Юридика техникумының “Әдалат қанатлары” ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң “Street law” топарының жумысларын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў жолға қойылған.
Бул үгит-нәсият топар ағзалары жәмийетшилик арасында турақлы түрде үгит-нәсият жумысларын алып бармақта.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен 2021-жылдың 9 айы даўамында 700 ге жақын үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Ғалаба хабар қуралларында 303, орынларда 378 үгит-нәсият илажлары, соннан мәҳәллелерде 131, билимлендириў шөлкеминде 104, мийнет жәмәәтлеринде 78, үйме-үй жүриў арқалы 115 ҳәмде басқа жерлерде 65 үгит-нәсият илажлары өткерилип, оларға бес мыңнан аслам пуқаралар қамтып алынған.
Қарақалпақстан телевидениеси менен бирге коррупцияға қарсы гүресиў бойынша нызамшылық ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин түсиндириўге қаратылған көрсетиўлер таярланды.
2021-жыл 28-июль күни Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри тәрепинен “Коррупция мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўы ушын ең тийкарғы қәўип-қәтерлерден бири екенлигин халық ҳәм мәмлекетлик хызметшилер санасына сиңдириў бойынша үгит-нәсият илажларын әмелге асырыў бойынша Реже-графиги”тастыйықланып, графикке тийкар Суў хожалығы, Аўыл хожалығы, Мектепке шекемги билимлендириў, Халық билимлендириў, Мәденият, Турақ-жай – коммуналық хызмет көрсетиў министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети ҳәм олардың қурамлық бөлимлери хызметкерлери ушын вебинарлар өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен мәмлекет уйым ҳәм шөлкемлер, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының юридикалық хызмет хызметкерлери ушын Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң 2021-жыл
24-февральдағы буйрығы менен тастыйықланған “Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олар жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасын өткериў тәртиби ҳаққында”ғы Режениң мазмун-мәнисин түсиндириўге қаратылған семинарлар өткерилди.
Соның менен бир қатарда, министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен 38 норматив-ҳуқықый ҳүжжет коррупцияға қарсы ҳуқықый экспертизадан өткерилген.

Рўйҳатга қайтиш