Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарының қысқаша мазмун-мәниси


Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл
16-апрельдеги 204-санлы қарарының қысқаша мазмун-мәниси

“Жанылғы-энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўдиң қосымша илажлары ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (204-санлы, 16.04.2024 ж.) қабыл етилди.
Оған кѳре, тѳмендегилер тастыйықланды:
2024-2025-жылларда жанылғы-энергетика ресурслары баҳаларының басқышпа-басқыш ѳзгериў графиги;
2024-жыл 1-майдан халық ушын электр энергиясы ҳәм тәбийий газ бир айлық тутыныўының “базалық нормалары”.
2024-йил 1-майға шекем жанылғы-энергетика ресурслары баҳалары асыўын есапқа алған ҳалда минимал тутыныў қәрежетлери қуны қайта кѳрип шығылады.  
Қарарға муўапық, тѳмендеги критериядағы тутыныўшылар  ушын жүзеге келиўи мүмкин болған қосымша қәрежетлерди қаплаў бойынша ўақтынша компенсация енгизиледи:
“Социаллық қорғаў бирден-бир реестри” мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген шаңарақлар, балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем алыўшы шаңарақлар;  
Бирден-бир реестрге киритилмеген, “мәҳәлле жетилиги” жуўмағы тийкарында анықланатуғын қосымша мүтәж шаңарақлар. Сондай-ақ, ысытыў мәўсиминде (ноябрь-фебраль айларында) мүтәж шаңарақларға тѳмендеги компенсация түрлери усынылады: ноябрь айында 270 мың сўм муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем ѳткерип бериледи; электр энергиясы ҳәм тәбийий газ бойынша тѳмендеги муғдардағы тутыныў ушын базалық норма шеңбериндеги ҳәм де базалық нормадан асқан баҳалар ортасындағы парқ компенсация етип бериледи: тәбийий газ ушын – айына базалық нормадан артық пайдаланылған 250 куб метрге шекем; электр энергиясы ушын – айына базалық нормадан артық пайдаланылған 150 ввт саатқа шекем.
Coндай-ақ, халыққа пайдаланылған газ ҳәм электр ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр айда жибериледи. Нызамшылыққа көре, 2024-жыл 1-июннан пайдаланылған электр энергиясы ҳәм тәбийий газ бойынша айлық мағлыўмат “базалық норма” ҳәм оннан артық қөлемлер кесиминде тутыныўшыларға жибериледи.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң
ҳуқықый мәлимлеме бойынша
бас