Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарының мазмун-мәниси бойынша АННОТАЦИЯ


Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарының мазмун-мәниси бойынша
АННОТАЦИЯ

Тәбийий резервлер ҳәммениң мүлки!
Тәбийий резервлер ҳәммениң мүлки: бирден-бир шара оны тежеў. Бүгин дүнья халқының тѳрттен үш бѳлеги экологиялық қарыздар.
Сиз, Биз не қыла аламыз? Тек ғана жумыс орны ҳәм үйдеги электр резервлерин тежең. Бул улыўма қыйын емес. Бирақ ҳәр биримиз ушын мәпдар жумыс.  Қурылма ислетилмегенде электр сымын тармақтан үзиң.
Кѳпшилик электр тармағына жалғанған қурылмалар қанша электр энергиясын сарыплаўын билмейди. Мәселен, ѳшик телевизорлар, зарядланған телефонлар. Олар сарыплайтуғын электр энергиясы муғдары аз, бирақ узақ мүддет жалғанған ҳалатта турғанында бундай деп болмайды.
Күнделикли әдетлериңизди ѳзгертиң! Энергияны тежеў ушын, керек болмағанында, светлерди ямаса қурылмаларды ѳшириң. Электр чайникте тек ғана ѳзиңиз ушын зәрүр болған суўды қайнатың.  Компьютериңизде күтип турыў функциясын күшейтиң. Кондиционериңизди иске түсиргениңизде, айналарды жаўып қойың.  
Жәҳән шѳлкемлери есабатларынан биринде “Егер биз дүньяның тәбийий резервларынан ҳәзирги дәрежеде пайдаланыўды даўам етсек, кейинги отыз жыл ишинде турмыслық мүтәжликлеримизди қанаатландырыў ушын және бир планетаға тең резерв керек болады”, делинген еди.
Биз және бир планетаға тең резервти топлай алмаймыз. Кѳпшилик болып қыла алатуғын бирден-бир шарамыз оны үнемлеў ҳәм асырап-абайлап ислетиў керек болады.
Усы мақсетте, елимизде энергоресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 16-апрелинде “Жанылғы-энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўдиң қосымша илажлары ҳаққында”ғы 204-санлы Ҳүкимет қарары қабыл етилди. Усы қарар менен энергоресурслар менен байланыслы бир қатар  жаңалықлар енгизилмекте, әсиресе:
1. Хожалық тутыныўшылар ушын социаллық нормалар белгиленди.
Қарар менен, 1-майдан баслап хожалық тутыныўшылары (халық хожалығы) ушын тѳмендеги социаллық (базалық) нормалар киргизиледи:
электр энергиясы – айына 200 кВтқа шекем;
тәбийий газ (март–октябрь айларында) – айына 100 кубометрге шекем;
тәбийий газ (ноябрь–февраль айларында) – айына 500 кубометрге шекем.
Географиялық ҳәм климат шәраятларын есапқа алған ҳалда, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында ысытыў мәўсими республиканың басқа аймақларынан парқлы рәўиште октябрь-февраль айлары деп белгиленди.
2. 2024-жыл 1-майдан жаңа тарифлер күшке киреди
Электр энергиясы ушын
Хожалық тутыныўшылар ушын тарифлер (1 кВт ушын):
— 200 кВтқа шекем – 450 сўм (ҳәзир 295 сўм);
— 201 кВттан 1000 кВтқа шекем – 900 сўм;
— 1001 кВттан 5000 кВтқа шекем – 1350 сўм;
— 5001 кВттан 10 000 кВтқа шекем – 1575 сўм;
— 10 001 k кВттан кейин – 1800 сўм.
Аўқат таярлаў ушын орайласқан ҳалда электр плиталары менен үскенеленген кѳп қабатлы үй-жайлар ҳәм жатақханаларда жасаўшы хожалық тутыныўшылары белгиленген тарифлердиң 50% муғдарында тѳлеўде даўам етеди.
Есап-китапларға кѳре бир үйде 11 түрдеги электр үскенелери ислетилгенинде бир айда орташа  180 кВт энергия сарыпланады.
Табийий газ ушын
Ысытыў мәўсиминде – ноябрь-февраль айларында халық үйлери ушын тәбийий  газ тарифлери (1 кубометр ушын, айына):
— 500 кубометрге шекем – 650 сўм (ҳәзир 380 сўм);
— 501 кубометрден 2500 кубометрге шекем – 1500 сўм;
— 2501 кубометрден 5000 кубометрге шекем – 1950 сўм;
— 5001 кубометрден 10 000 кубометрге шекем – 2275 сўм;
— 10 001 кубометрден кейин – 2600 сўм.
Есап-китапларға кѳре бир үйде бир айда орташа 500 куб/метр тәбийий газ ислетиледи.
Март–октябрь айларында:
— 100 кубометрге шекем – 650 сўм;
— 101 кубометрден 2500 кубометрге шекем – 1500 сўм;
— 2501 кубометрден 5000 кубометрге шекем – 1950 сўм;
— 5001 кубометрден 10 000 кубометрге шекем – 2275 сўм;
— 10 001 кубометрден кейин – 2600 сўм.
3. Халыққа пайдаланылған газ ҳәм электр ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр айда жибериледи
2024-жыл 1-июннан пайдаланылған электр энергиясы ҳәм тәбийий газ бойынша айлық мағлыўмат “базалық норма” ҳәм оннан артық кѳлемлер кесиминде тутыныўшыларға жибериледи.
4. Мүтәж шаңарақларға нормадан артық ислетилген электр ҳәм газ ушын пул бериледи
Ысытыў мәўсиминде (ноябрь – февраль айларында) мүтәж шаңарақларға тѳмендеги компенсациялар бериледи:
– ноябрьде 270 мың сўм муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем;
– электр ҳәм газ бойынша базалық нормадан асқан баҳалар ортасындағы парық компенсация етип бериледи:
газ ушын – айына базалық нормадан артық пайдаланылған 250 куб метрге шекем;
электр ушын – айына базалық нормадан артық пайдаланылған 150 кВт саатқа шекем.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятларындағы мүтәж шаңарақлар ушын тѳлемлер октябрь айынан баслап тѳленеди.
Мүтәж шаңарақлар сыпатында “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри” системасына киргизилген шаңарақлар түсиниледи. “Мәҳәлле жетилиги” тәрепинен Бирден-бир реестрге кирмеген мүтәж шаңарақлардың қосымша дизими қәлиплестириледи.
Район (қала) ҳәкимликлери ҳәм мәҳәллелер кесиминдеги мүтәж шаңарақлардың қосымша дизимине ѳзгерис киргизиўи мүмкин.
5. Мүтәж шаңарақлар компенсация алыў ушын “Инсан” социаллық хызметлер орайына мүрәжат етиўи керек
Компенсация алыўшы мүтәж шаңарақлар ноябрь – март айларында (ҳәр айдың 15-сәнесине шекем) “Инсан” социаллық хызметлер орайлары ямаса мәҳәллелерде искерлик жүргизиўши социаллық хызметкерлерге мүрәжат етеди.
Бунда, арзада паспорт мағлыўматлары, абонент саны, ҳәм телефон номери кѳрсетиледи. Арза берилген айдың 27-сәнесине шекем “Аймақлық электр тармақлары” АЖ, “Ҳудудгазтаъминот” АЖ менен биргеликте үйрениледи.
Үйрениў нәтийжеси тийкарында компенсация пуллары арза берилген айдан кейинги айдың 27-сәнесине шекем мүтәж шаңарақлардың пластик картасына ѳткерип бериледи.
6. Пластик картасы болмаған мүтәж шаңарақларға карта бийпул ашып бериледи
Ҳәкимликлер Халық банки менен биргеликте Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен усынылған дизимге муўапық 2024-жыл 1-ноябрьге шекем банк пластик картасы болмаған мүтәж шаңарақлар ўәкилине бийпул тийкарда пластик карталар ашып берилиўин тәмийинлейди.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң
ҳуқықый мәлимлеме бойынша
бас мәсләхәтшиси Н.Бердиниязова