Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

Коммунал саладағы нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген жеңилликлер.


Төмендеги пуқараларға үй-жай-коммунал хызметлер ҳақын төлеў пенсияны есаплаўдыӊ базалық муғдары бойынша ҳәр айда компенсация пул төлемлери бериледи:➖1941–1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшыларына – 50%;
➖1941–1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшыларына теӊлестирилген шахсларға – 45%;
➖Өзгелердиң күтимине мүтәж жалғыз пенсионерлерге – 45%;
➖Совет Аўқамы Қаҳарманлары, Социалистлик Мийнет Қаҳарманлары ҳәм «Слава» ордериниӊ үш дәрежеси менен сыйлықланған шахслар. Фашист концлагерлериниӊ бурынғы ержетпеген тутқынлары, Ленинград қаласы қоршаўы дәўиринде ислеген пуқаралар, көриў қәбилийети бойынша I топар майыплары, Чернобиль апатшылығы ақыбетинде жәбирленген пуқаралар, ядро полигонлары ҳәм басқа радиация-ядро объектлеринде әскерий хызметти өтеген пенсия жасындағы шахслар – 45%;
➖1941 – 1945-жыллардағы урыстыӊ мийнет фронты қатнасыўшылары – 25%.
Бүгинги күнде пенсияны есаплаўдыӊ базалық муғдары 262 470 сумды қурайды.

Қарақалпақстан Республикасы
Ҳуқуқты қоллаў әмелияты бөлими бас мәсләҳәтшиси   Тимур Асанов