Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

22

Ҳүкимет қарары менен Өрт қәӯипсизлиги қағыйдалары тастыйықланды.


Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Ҳүкимет қарары (649-сан, 20.10.2020-ж.) менен Өрт қәӯипсизлиги қағыйдалары тастыйықланды.

Өрт қәӯипсизлиги қағыйдалары (Қағыйдалар)ға кѳре, оғада әҳмийетли мәмлекетлик әҳмийетке ийе, ири социаллық-мәдений объектлерде өрт-техникалық комиссиясы дүзилиси ҳәмде объекттиң өрт қәӯипсизлиги паспорты ислеп шығылыӯы керек.

Бинә ҳәм имаратлардың өртке қарсы аралықларында ҳәр түрли буйымлар, әсбап-үскенелер ҳәм транспорт қуралларын сақлаӯ ҳәмде бинәларды қурыӯ (орнатыӯ) қадаған етиледи.

1000 ҳәм оннан артық адам  сыйымына ийе болған мәкемелерде ең жақын өрт-қутқарыӯ бѳлими менен туӯрыдан-туӯры телефон байланысы орнатылыӯы керек.

Усы қағыйдалар тѳмендегилерде өрт қәӯипсизлигин тәмийинлеӯ бойынша талапларды белгилемейди:

•  тоғай хожалығы аймақларында;
•  кән қазылма ҳәм шахта имаратларында;
•  жарылыӯшы материаллар ислеп шығарылып атырғанда, тасылып атырғанда, сақланып атырғанда, олардан пайдаланып атырғанда ҳәм олар утилизация етилип атырғанда;
•  санаат ушын мѳлшерленген жарылыӯшы материаллардан пайдаланылған ҳалда жарыӯ ислерин алып барыӯшы шѳлкемлерде;
•  ҳаӯа, суӯ, темир жол, автомобиль транспорты ҳәмде электр транспортында.

Мағлыӯмат ушын: Президенттиң тийисли Пәрманына (https://lex.uz/docs/4820060) тийкар, 59 кеңселик норматив-ҳуқықый ҳүжжетти жоқары юридикалық күшке ийе болған норматив-ҳуқықый ҳүжжет формасына ѳткериӯ белгиленген болып, усы Қағыйдалар сол ҳүжжетлерден бири есапланады.