Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

Билесизбе


Нызамшылыққа муўапық (http://lex.uz/ru/docs/2693343), газ болмайтуғын аймақларда халық көмир өними менен үзликсиз түрде тәмийинленеди.
Буның ушын төмендегилер әмелге асырылады:
- қыс мәўсиминде газ болмайтуғын аймақларға жетерли муғдарда көмир жеткерип бериў бойынша тийисли ҳүжжетлер тастыйықланады (Министрлер Кабинети – ўәлаят ҳәкимликлери – район ҳәкимликлери);
- район ҳәкимлиги тәрепинен тастыйықланған халықты көмир менен тәмийинлеўге байланыслы кесте мәҳәлле пуқаралар жыйынларына жеткериледи;
- мәҳәлле пуқаралар жыйыны келип түскен арзаларға муўапық көмирди сатып алыў бойынша реестрын қәлиплестиреди ҳәм оны көмир қоймаханаларына жеткерип береди;
- көмир қоймаханалары мәҳәлле пуқаралар жыйыны тәрепинен усынылған реестрға ҳәм тастыйықланған кестеге тийкар халықты көмир өними менен Финанс министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын баҳалар тийкарында үзликсиз тәмийинлеў илажларын көреди.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими