Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

16

#Халықаралық_күн


#Халықаралық_күн

16-октябрь – Халықаралық азық-аўқат күни

БМШның Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (FAO) тәрепинен 1979-жылда өткерилген конференцияда (http://www.fao.org/3/x5565E/x5565e05.htm) усы күнди белгилеў усыныс етилди.

1980-жыл 5-декабрь күни БМШ Бас Ассамблеясының 35-сессиясында қабыл етилген резолюцияға (https://undocs.org/ru/A/RES/35/70) муўапық, ҳәр жылы 16-октябрь күни «Халықаралық азық-аўқат күни» деп жәрияланды.
Бас Ассамблея усы ҳүжжетте ҳүкиметлер, миллий, регионаллық ҳәм халықаралық шөлкемлерди усы күнди кең көлемде жоқары дәрежеде белгилеўге шақырады.
FAO мағлыўматларына көре, бүгинги күнде 2 миллиардтан артық адам қәўипсиз ҳәм сапалы азық-аўқат пенен тәмийинленбеген. 2020-жылда пандемия себепли ашлықта күн кеширип атырған адамлар саны 690 миллион адамға жеткен.