Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

19

#Сораған_едиңиз


Мен ислеп атырған кәрхана тәрепинен 2 айдан берли ис ҳақы берилмей атыр. Кәрхана басшысынан айлығымызды талап етсек, ҳәзирде кәрхана финанслық қыйын жағдайда екенлигин себеп етип көрсетпекте. Усы жағдайда не ислеўимиз керек?

Мийнет кодексине муўапық, жумыс бериўши өзиниң финанслық жағдайына қарамастан, хызметкерге орынлаған жумысы ушын ҳақын белгиленген мийнет ҳақы шәртлерине муўапық төлеўи шәрт.

Мийнетке ҳақы төлеў мүддетлери жәмийетлик шәртнамасы ямаса басқа локал норматив ҳүжжетте белгиленеди ҳәм ҳәр ярым айда бир мәртеден кем болыўы мүмкин емес.

Жәмийетлик шәртнамада жумыс бериўшиниң айыбы менен хызметкерге ҳақы төлеў белгиленген мүддетлерге қарата кешиккенлиги ушын жуўапкершилик нәзерде тутылыўы мүмкин.

Мийнет ҳәм мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў тийислинше ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады.

Усы жағдайда ис ҳақын өндириў бойынша судқа мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Хызметкерлер мийнетке байланыслы ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын талаплар бойынша судқа мүрәжат еткенде суд ҳүжжетлерин төлеўден азат етеди.