Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

08

Ҳаял-қызлар ҳуқықларын қорғаў тараўындағы реформалар жетилистирилмекте


Ҳаял-қызлар ҳуқықларын қорғаў тараўындағы реформалар жетилистирилмекте
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миромонович Мирзиёев БМШ Бас ассамблеясының 75-сессиясындағы сөйлеген сөзинде мәмлекетмизде ҳаял-қызлардыӊ жәмийеттеги ролин асырыӯ бойынша әмелге асырылып атырған ислерге айрықша тоқталып, өткен жылы Парламентке өткерилген сайлаӯлар халық ҳәм партиялардыӊ сиясий белсендилиги, пуқаралық жәмийети институтларыныӊ роли, ғалаба хабар қуралларыныӊ тәсири асқанлығын көрсеткенлигин, гендер теӊлик сиясаты тийкарғы мәселеге айланғанлығын атап өтти.
Ҳақыйқатында да, республикамызда ҳаял-қызлардыӊ мәмлекет басқарыӯындағы орны анағурлым жоқарылап, жаӊа Парламентимизде ҳаял депутатлар саны еки есеге көбейди.      
    Ҳаял-қызларды қоллап-қуӯатлаӯ, олардыӊ ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаӯ, ҳаял-қызлардыӊ социал-сиясий өмирдеги ролин асырыӯға қаратылған Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Жәмийетте социаллық-руўхый орталықты саламат етиў, мәҳәлле институтын жәнеде қоллап-қуўатлаў, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислеў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПП-5938-санлы Пәрманы ҳәм “Қарақалпақстан Республикасы, ӯәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында ҳәмде район (қала)ларда ҳаял-қызлар жәмийетшилик кеӊеслерин шөлкемлестириӯ ҳаққында” Ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Қарар менен Қарақалпақстан Республикасы, ӯәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында ҳәмде район(қала)ларда ҳаял-қызлар жәмийетшилик кеӊеслери ҳаққындағы үлги реже тастыйықланды.
Оған көре, ҳаял-қызлар кеӊеслери өз жумысын жәмийетшилик тийкарында алып баратуғын, турақлы жумыс алып барыӯшы мәсләҳәт-кеӊес органы есапланады.
Ҳаял-қызларды қоллап-қуӯатлаӯ, олардыӊ ҳуқықлары хм нызамлы мәплерин қорғаӯ, ҳаял-қызлардыӊ социал-сиясий турмыстағы роли ҳәм белсендилигин асырыӯ бойынша усыныслар ислеп шығыӯ ҳаял-қызлар кеӊеслериниӊ тийкарғы ӯазыйпаларыныӊ бири болып табылады.
Режеге тийкар, ҳаял-қызлар кеӊеслери район (қала)ларда 15-20, Қарақалпақстан Республикасы, ӯәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында 30-40 ағзадан ибәрат болыўы көрсетилген. Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм район (қала)ларда жәмийетшилик кеңеслер қурамы тастыйықланып, өз искерлигин алып бармақта.
Ҳаял-қызлармыздың ҳуқықларын қорғаў мақсетинде қабыл етилген және бир әҳмийетли ҳүжжет “Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында”ғы Нызам есапланады. Нызамда ҳаял-қызларға қарата исленетуғын зорлықтың төрт, яғный жынысый, экономикалық, физикалық ҳәм руўхый формасы көрсетилген.
Усы орында атап өтиўимиз лазым, зорлық дегенде ҳаял-қызларға қарата физикалық, руўхый, жынысый ҳәм экономикалық тәсир өткериў арқалы олардың өмири, ден саўлығы, жынысый қол қатылмаслығы, абыройы, қәдир-қымбаты ҳәм нызам менен қорғалатуғын басқа ҳуқық ҳәм еркинликлерине қол қатыйтуғын нызамсыз ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) түсиниледи.
Ал басым дегенимиз – исленгенлиги ушын ҳәкимшилик ямаса жынайый жуўапкершилик нәзерде тутылмаған, ҳаял-қызлардың абыройы ҳәм қәдир-қымбатын кемситетуғын ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) есапланады.
Басым ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларымыз өзлери жасап атырған Ишки ислер уйымларына мүрәжат етиўи лазым. Ишки ислер уйымлары тәрепинен басым ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларға 1 ай мүддетке қорғаў ордерлери бериледи. Егер бул ўақыт ишинде зорлық даўам етип атырған болса қорғаў ордериниң мүддети және бир айға узайтырылыўы мүмкин.
Бул тараўдағы нызамшылық және де беккемленип, 2020-жылдың 5-октябрь күни “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызам қабыл етилди.
Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген қосымшаларға көре, басым өткерген ҳәм (ямаса) зорлық ислеген ямаса оларды ислеўге бийим болған шахс тәрепинен қорғаныў ордери талапларын орынламағанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди.
Бундай ҳуқықбузарлықты ислеген шахсқа қарата 223 мың сумнан 669 мын сумға шекем муғдарда жәрийма ямаса 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыў жазасы қолланылады.

Сондай-ақ, “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамға киргизилген қосымшаға муўапық, даўагерлер басым ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларға жеткерилген руўхый ҳәм материаллық зыянның орнын қаплаў ҳаққындағы даўлар бойынша мәмлекетлик бажыдан азат етиледи.
Жуўмақлап атқанымызда, алып барылып атырған реформалар өз гезегинде жәмийетлик турмыста ҳаял-қызларымыздың белсендилигин асырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў арқалы ҳәр бир шаңарақтың уйытқысы есапланған, ертеңги келешек әўладтың билимли, тәрбиялы, бәркамал болып жетилисиўине    тийкар болады.

Атажанов Алишер Ерпулатович,
Нөкис қалалық әдиллик бөлими баслығы