Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

06

Лаўазымы өзгерген хызметкерге ис ҳақы неге дурыс есапланбады?


Лаўазымы өзгерген хызметкерге ис ҳақы неге дурыс есапланбады?

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен, Нөкис қаласында жасаўшы Ш.П атлы пуқараның Тарийх ҳәм мәденият мәмлекетлик музейинде (кейинги орынларда музей деп жүргизиледи) басқа лаўазымға ўақтынша өткериў ҳаққында буйрығы директор тәрепинен шығарылған болса да, усы буйрық юристконсульт имзасы қойылмағанлығы себепли ҳақыйқый емес деп табылып, ис ҳақысы алдынғы лаўазымы бойынша төленип атырғанлығына наразылығын билдирген мүрәжаты үйренип шығылды.
Анықланыўынша, музей директорыньң 2020-жыл 13-июльда 88-санлы буйрығы (кейинги орынларда буйрық деп жүргизиледи) менен Ш.П атлы пуқара басқа лаўазымға ўақтынша өткерилген болып, буған тийкар ретинде, хызметкер арзасы ҳәм мийнет шәртнамасына киргизилген өзгерислер екенлиги көрсетилген.
Бирақ, музей есапшысы тәрепинен буйрықта юристконсульт визасы ҳәм хызметкердиң буйрық пенен танысқанлығы ҳаққында имзасы жоқ екенлигин тийкарсыз себеп қылып, жаңа лаўазым бойынша ис ҳақы есаплап берилмегенлиги мәлим болды.
Мийнет кодексиниң 72-статьясында, мийнет шәртнамасы хызметкер менен жумыс бериўши ортасында белгили қәнигелик, маманлык, лаўазым бойынша исти ишки мийнет тәртибине бойсынған ҳалда тәреплер келисиўи, сондай-ақ мийнет ҳаққындағы нызамлар ҳәм басқа норматив ҳүжжетлер менен белгиленген шәртлер тийкарында ҳақы есесине орынлаў бойынша келисим екенлиги, хызметкер ҳәм жумыс бериўши мийнет шәртнамасының тәреплери болып есапланатуғынлығы көрсетилген.
Усы кодекстиң 93-статьясында, хызметкер менен жумыс бериўши арасындағы келисим бойынша ўақтынша басқа жумысқа өткериўге жол қойылатуғынлығы, ал 96-статьясында болса, ўақтынша басқа жумысқа өткериў бойынша буйрық шығарыў ушын хызметкердиң келисим арзасы тийкар болатуғынлығы белгиленген.
Сондай-ақ, усы музейдиң юристконсультанты тәрепинен буйрық бойынша берилген жуўмақ пенен танысып шыққанымызда, әмелдеги нызам ҳүжжетлерине сай келмейтуғын талаплар тийкарында жуўмаққа келингенлиги анықланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 19-январьдағы
ПҚ-2733-санлы қарары менен тастыйықланған “Мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң юридик хызмети ҳаққында’’ғы Режеде, юридик хызмет жумысларының тийкарғы жөнелислери болып, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлериниң ҳуқықты қоллаў жумысларында нызам үстинлигин тәмийинлеў тараўында, буйрықлар, бийликлер, шәртнамалар ҳәм юридик түрдеги басқа ҳүжжетлер жойбарларын экспертизадан өткеретуғынлығы ҳәмде олар бойынша қарсылық ҳәм усыныслар болмаса, ҳүжжетлерге виза қоятуғынлығы ҳәмде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўға тәсир қылатуғын қарарлар бойынша жуўмақлар беретуғынлығы көрсетилген.
Усы режениң 20-бөлиминде, юридик хызмет өзи виза қойған ҳүжжетлердиң ҳәм өзи берген жуўмақлардың нызамшылыққа муўапықлығы ушын жуўап беретуғынлығы белгиленген.
Сонлықтан, нызам бузылыў жағдайларын сапластырыў, алдағы ўақытларда бундай қәте-кемшиликлерге жол қоймаў ҳәм жуўапкер шахслардың ҳәкимшилик ҳәм интизамий жуўапкершилик мәселелерин шешиў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасыклары министрлигине усыныслар киргизилип, мийнет интизамына әмел етилиўин тәмийинлеў шаралары көрилди.

Амангелди Абатов Парахатович,

Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги
Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлими
бас мәсләҳәтшиси