Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

06

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Шаңарақ кодексине көп балалы шаңарақ түсиниги киргизилди
«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам Президент тәрепинен имзаланды (640-санлы Нызам, 05.10.2020-ж).
Нызам менен 8 кодекс ҳәм 10 нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Шаңарақ кодексине киргизилген қосымшаларға көре, 4 ҳәм оннан артық 18 жасқа толмаған баласы болған шаңарақ көп балалы шаңарақ есапланады.
Бунда, егер 4 ҳәм оннан артық балаларынан биреўи ямаса оннан көбиреги билимлендириўдиң күндизги формасында (орта арнаўлы ҳәм кәсип-өнер, жоқары билимлендириў) билимлендириў  шөлкемлеринде оқып атырған ҳәмде 22 жасқа толмаған болса, бул шаңарақ да көп балалы шаңарақ деп есапланады.
Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген қосымшаларға көре, басым өткерген ҳәм (ямаса) зорлық ислеген ямаса оларды ислеўге бийим болған шахс тәрепинен қорғаныў ордери талапларын орынламағанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди.
Бундай ҳуқықбузарлықты ислеген шахсқа қарата 223 мың сумнан 669 мын сумға шекем муғдарда жәрийма ямаса 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыў жазасы қолланылады.
Нызам менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген қосымшаға муўапық, даўагерлер басым ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларға жеткерилген руўхый ҳәм материаллық зыянның орнын қаплаў ҳаққындағы даўлар бойынша мәмлекетлик бажыдан азат етиледи.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими