Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

Жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға қаратылған таңлаў ѳткериледи


Жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларды ана ўатанымызға садық, мәрт ҳәм батыр етип камалға жеткизиў бүгинниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири есапланады.
Усы мақсетте, мәмлекетимизде бир қанша ислер әмелге асырылмақта. Солар қатарында, усы жылдың 10-июль күни Ҳүкиметимиздиң “Жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ислери нәтийжелилигин жәнеде асырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.
Қарар менен «Жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў барысында әмелге асырылатуғын ислерди баҳалаў бойынша таңлаў ѳткериў тәртиби ҳаққында»ғы реже ҳәмде таңлаўды шѳлкемлестириўши исши топар қурамы тастыйықланды.
Таңлаўды ѳткериўдиң тийкарғы мақсети, жасларды ўанансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, миллий қәдириятларымыз, үрип-әдетлеримизге садықлық, жаслар ортасында Ўатанға садықлық сезимин қәлиплестириў, «ғалабалық мәденият» кѳринисиндеги кери иллетлерди жасларға түсиндириў болып есапланады.
Таңлаў Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы әскерий-ҳәкимшилик секторлары арасында ҳәр жылы 1-январдан 20-декабрге шекем ѳткериледи.
Қорғаныў министрлиги ҳәр жылы 1-январда таңлаўды жәриялайды.
Әскерий-ҳәкимшилик секторлар тәрепинен жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў жѳнелисинде әмелге асырылған иләжлар (ўатансүйиўшилик, мәдений-ағартыўшылық, ғалабалық спорт, ҳәм басқалар) режеде белгиленген ѳлшемлер тийкарында баҳаланады.
Таңлаў жеңимпазлары ѳсип барыўшы баллар тийкарында анықланады.
Шѳлкемлестириўши исши топар ҳәр жылы 25-декабрге шекем жуўмақлаўшы нәтийжелерди баяннама менен рәсмийлестирип, әскерий-ҳәкимшилик секторларға электрон формада жибереди.
Таңлаў нәтийжелери ҳәр жылы январь айында «Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы қарсаңында ѳткерилетуғын салатанатлы иләжларда жәрияланады ҳәм жеңимпазлар сыйлықланады.
Бул таңлаў жаслар арасында әскерий тараўға қызығыўшылықты оятып, оларда Ўатанды сүйиў ҳәм кѳз қарашығындай асыраўға қаратылған билим ҳәм кѳнликпелерди асырыўға хызмет етеди.

Мойнақ районлық әдиллик бѳлими
бас мәсләҳәтшиси                                                                           А.Ернашов