Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

“Билимлендириў ҳаққында”ғы Нызам (ЎРҚ–637, 23.09.2020) Президент тәрепинен имзаланды.


“Билимлендириў ҳаққында”ғы Нызам (ЎРҚ–637, 23.09.2020) Президент тәрепинен имзаланды.

Нызамға муўапық, билимлендириўдиң түрлери төмендегилерден ибарат:
•  мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия;
•  улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў;
•  профессионал билимлендириў;
•  жоқары билимлендириў;
•  жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў;
•  кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын асырыў;
•  мектептен тысқары билимлендириў.

Улыўма орта билимлендириў I–XI классларды өз ишине алады.

орта арнаўлы билимлендириў академиялық лицейлерде 9 жыллық таяныш орта билимлендириў тийкарында 2 жыл даўамында әмелге асырылады.

Профессионал билимлендириў басланғыш, орта ҳәм орта арнаўлы профессионал билимлендириў дәрежелерине ажыратылады.


Нызамға муўапық, мәмлекетлик жоқары билимлендириў, орта арнаўлы, профессионал билимлендириў мәкемелери ҳәм олардың филиаллары, сондай-ақ мәмлекет қатнасындағы  жоқары, орта арнаўлы, профессионал билимлендириў шөлкемлери ҳәм олардың филиаллары Президент ямаса Ҳүкимет қарарлары менен шөлкемлестириледи.

Мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў олардың шөлкемлестириўшилери тәрепинен әмелге асырылады.

Мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине лицензия Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен бериледи.

Сондай-ақ, усы Нызам менен,1997-жыл 29-августтағы “Билимлендириў ҳаққында”ғы Нызам ҳәмде “Кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасы ҳаққында”ғы Нызамлар өз күшин жойытты.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.