Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Ҳүкимет қарары менен Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеге көре, Агентликтиң қабыл етилген қарарлары мәмлекетлик уйымлар, басқа шөлкем ҳәм олардың лаўазымлы шахслары, сондай-ақ, пуқаралар ушын орынланыўы мәжбүрий есапланады.

Агентлик юридикалық шахс есапланып, өз атамасы жазылған ҳәм Мәмлекетлик герб көриниси түсирилген мөр ҳәм бланкаларға, ғәрезсиз балансқа, жеке ғазна есап бетлерине, банк есап бетлерине ийе болады.

Агентлик системасына агентликтиң орайлық аппараты, аймақлық бөлимлери, Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институты, “Yoshlar media xoldingi” АЖ киреди.

Аймақлық бөлимлер (районлар ҳәм қалалар бөлимлери буннан тысқары) юридикалық шахс шөлкемлестирген ҳалда искерлик жүритеди.

Агентликтиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири жаслар менен байланыслы тараў ҳәм бағдарларда бирден бир мәмлекетлик сиясатын, стратегиялық бағдарлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў есапланады.

Еслетип өтемиз, Жаслар ислери агентлиги Президенттиң ПП-6017-санлы Пәрманы менен  шөлкемлестирилген.