Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

11

«Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды


«Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды

Нызамда «майып» сөзиниң орнына «майыплығы болған шахс» атамасынан пайдаланыў белгиленген.

Сондай-ақ, Нызамға муўапық:

- медициналық тексериў комиссиялары майыплығы болған шахслардың арзаларын 10 календарь күн ишинде көрип шығады;

- медициналық тексериўлер бийпул әмелге асырылады;

- майыплығы болған шахсларға амбулатор ҳәм стационар режиминде емлениўде жеңилликлер бериледи;

- протез-ортопедия үскенелерине болған зәрүрлиги қанаатландырылады;

- оларға имаратларға кирип-шығыў ушын арнаўлы жоллар, пандуслар, жәмийетлик транспортта арнаўлы орынлар, транспортқа минип-түсиўи ушын шараятлар жаратылады;

- оларды кәсип-өнерге үйретиў, колледж ҳәм техникумларда оқыўы мәмлекет есабынан тәмийинленеди;

- жоқары оқыў орынларына қабыллаў квотасының 2% муғдарында мәмлекетлик грантлар ажыратылады;

- жергиликли ҳәкимликлер майыплығы болған шахслардың турақ жай шараятын жақсылаўға жуўапкер есапланады;

- хызметлерден үйинде ҳәм жасаў жеринде пайдаланыў ҳуқықы бериледи;

- неке дүзиў, балаларды перзентликке алыў, балаларды тәрбиялаў бойынша миннетлемелерин орынлаўда мәмлекет тәрепинен жәрдем бериледи;

- мәмлекет майыплығы болған балалар күтими менен шуғылланып атырған шаңарақларға материаллық, консультатив ҳәм басқа формаларда жәрдем береди ҳәм оларды қоллап-қуўатлайды.

Ҳәзирги күнде Өзбекстанда 700 мыңнан артық артық майыплығы болған шахслар болып, соның 100 мыңнан артығын 16 жасқа шекемги балалар қурайды.

Нызам Президент тәрепинен қол қойылып, баспа сөзде жәрияланғаннан кейин күшке киреди.