Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

13

Ҳаял-қызлар ушын қосымша грант тийкарында жоқары оқыў орынларына кириў тәртибинен хабардарсыз ба?


Ҳаял-қызлар ушын қосымша грант тийкарында жоқары оқыў орынларына кириў тәртибинен хабардарсыз ба?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 23-июньдағы 402-санлы қарары менен жоқары оқыў орынларына қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде ҳаял-қызларға таңлаўда қатнасыў ушын усыныснама бериў және оларды оқыўға қабыллаўды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеге муўапық, усыныснамалар төмендеги критериялардан бири тийкарында бериледи:

– кем тәмийинленген шаңарақтан шыққан ҳаял-қызлар;
– толықсыз шаңарақта тәрбияланып атырған, яғный ата ямаса анасы қайтыс болған ҳаял-қызлар;
– 14 жасқа толмаған еки ҳәм оннан да көп перзентлерин тәрбиялап атырған, басқа ағайинлеринен бөлек жасап атырған жалғыз ҳаяллардың (еркеклердиң) қызлары;
– жеке турақ жайға ийе болмаған, ижарада жасап атырған шаңарақлар;
– ата-аналардың бири ямаса ҳәр екеўи де жумыссыз болған ҳәм жумыс излеп атырғанлар сыпатында халық бәнтлигине көмеклесиў орайларында есапта турғанлар;
– майыплығы болған перзентлери болған шаңарақлардан шыққан ҳаял-қызлар;
– жоқары мағлыўматлы ҳаял-қызлар менен қамтып алыў дәрежеси республиканың орташа көрсеткишлеринен еки ямаса оннан артық есеге төмен болған районлар, сондай-ақ, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақларда жасайтуғын шаңарақлардағы қыз перзентлер (оларды өз аймағында 3 жыл ислеў шәрти менен).

Усыныснама алыў тәртибине тоқталып өтсек.  
Ҳәр жылы февраль айында ҳаял-қызларға усыныснамалар бериў бойынша жумысшы топар дүзиледи.
Районлық (қалалық) мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлери усыныснама алыў мақсетинде мүрәжат еткен ҳаял-қызлардың ҳүжжетлерин ҳәр жылы 10-майға шекем Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў басқармаларына усынады.
Жумысшы топар тәрепинен сайлап алынып, қосымша қабыллаў көрсеткишлери ушын таңлаўда қатнасыўға усыныс етилген ҳаял-қызлардың дизими ҳәр жылы 15-июньға шекем Мәмлекетлик тест орайына усыныс етиледи және Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.
Усыныснама жоқары мағлыўматлы болыў нийетинде болған ҳаял-қызларға 3 жылдан көп болмаған мүддетке бериледи.
Усыныснама абитуриент жоқары оқыў орнына кириў ушын сайлаған биринши билимлендириў бағдары бойынша таңлаўда қатнасыў ҳуқықын береди, екинши ҳәм оннан кейинги сайлаған бағдарлар ушын таңлаўда қатнасыўға енгизилмейди.

Елликқала районы әдиллик
бѳлиминиң бас мәсләҳәтшиси                                                   Тайров Нураддин Нзамаддинович