Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

13

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


“Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди (ПП–6024-сан, 10.07.2020-ж.).
Пәрман менен Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясы тастыйықланды.
Суў сақлағышлары, сел-суў сақлағышлары ҳәм басқа суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин ҳәмде исенимли ислеўин тәмийинлеў Концепцияның баслы бағдарларынан бири етип белгиленди.

Пәрманға муўапық, 2030-жылға шекем төмендеги көрсеткишлерге ерисиў нәзерде тутылған:

- суўғарыў системаларының пайдалы ис коэффициентин 0,63 тен 0,73 ке шекем асырыў;
- суў тәмийнаты төмен дәрежеде болған суўғарылатуғын жер майданларын 560 мың гектардан 190 мың гектарға шекем кемейтириў;
- шорланған суўғарылатуғын  жер майданларын 226 мың гектарға кемейтириў;
- Суў хожалығы министрлиги системасындағы насос станцияларының жыллық электр энергиясы тутыныўын 25 процентке кемейтириў;
- барлық ирригация системасы объектлерине “Smart Water” (“Ақыллы суў”) суў өлшеў ҳәм қадағалаў қурылмалары орнатылып, суў есабын жүргизиўде санлы технологияларды енгизиў;
- 100 ири суў хожалығы объектлеринде суўды басқарыў процеслерин автоматластырыў;
- аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўда суўды тежейтуғын технологиялар менен қамтып алынған жерлердиң улыўма майданын 2 миллион гектарға шекем, соның ишинде, тамшылап суўғарыў технологиясын 600 мың гектарға шекем жеткериў;
- суў хожалығында мәмлекетлик-жеке шериклик принциплери тийкарында 50 жойбарды әмелге асырыў.

Пәрманда нәзерде тутылған ўазыйпалардың толық ҳәм өз мүддетинде орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Суў хожалығы системасында жуўаплы басқарма шөлкемлестириледи.
Кластерлерге өз балансындағы аўыл хожалығы егин жерлеринде жайласқан суў хожалығы объектлерин басқарыў бағдарындағы Суў хожалығы министрлигиниң функцияларын мәмлекетлик-жеке шериклик шәртлери тийкарында өткериў туўрыдан-туўры сөйлесиўлер арқалы әмелге асырылады.
Сондай-ақ, Пәрман менен концепцияда белгиленген ўазыйпаларды 2020-2022-жылларда әмелге асырыў бойынша “Жол карта”сы тастыйықланды.
Оған муўапық, суў ресурсларын басқарыў, суўдан нәтийжели пайдаланыў ҳәм суўды пайдаланыў бойынша нәтийжели механизмлерди енгизиў мақсетинде Суў кодекси ислеп шығылады.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыӯшылық бөлими