Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

13

Билесизбе


Төмендегилерге ун ҳәм қәлипли нан сатып алыӯ бойынша қосымша қәрежетлерди қаплаӯ ушын 50 000 сум муғдарында ҳәр айлық пул компенсациясы төленеди (http://lex.uz/pdfs/4552156#4554943):
- жасқа байланыслы ҳәм майыплығы бойынша напақа алыӯшылар;
- бағыӯшысын жойытқанлық пенсиясы ҳәм напақасын алыӯшылар;
- балалықтан майыплығы болған 16 жастан үлкен шахслар;
- 16 жасқа шекем майыплығы болған балалар;
- 18 жасқа толмаған АИЖС инфекциясына шалынған шахслар;
- белгиленген ең кем жасқа байланыслы пенсияның муғдарынан кем пенсия алыӯшылар;
- 2 жасқа шекем болған бала күтими ушын тайынланған напақа алыӯшылар;
- материаллық жәрдем алыӯшы шаңарақлар;
- 14 жасқа шекем болған балалары ушын тайынланған напақаны алыӯшы шаңарақлар;
- белгиленген ең кем жасқа байланыслы пенсия муғдарында пенсия алыӯшылар.


Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыӯшылық бөлими