Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

07

Пулсыз дем алысқа шықтыңыз деп хызметкердиң ис ҳақысы төленбей қалды


Пулсыз дем алысқа шықтыңыз деп хызметкердиң ис ҳақысы төленбей қалды

Тахтакөпир районы әдиллик бөлими тәрепинен пуқара З.П ныӊ жазба мүрәжаты үйренилип шығылды. Пуқара З.П өз мүрәжатында Тахтакөпир районында жайласқан мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияшы жәрдемшиси болып ислеп киятырғанлығын, 2020-жыл май айында ис ҳақы алмағанлығын, себебин сорағанында пулсыз дем алысқа жиберилгенлигин билгенлигин, бул бойынша жумыс бериўшиге разылық арзасы бермегенлигин билдирип өткен.
Бөлим тәрепинен З.Пныӊ мүрәжатына тийкар үйрениў алып барылғанында, МШБШныӊ Буйрық журналыныӊ 2020-жыл 1-май күнги 112-санлы буйрық тийкарында “Жәрдемши тәрбияшы З.Пныӊ арзасы бойынша 1-май сәнесинен баслап пулсыз дем алысы берилсин”-деп көрсетилгенлиги анықланды.
Өзбекистан Республикасы Мийнет Кодексиниӊ 150-статьясына тийкар “Хызметкердиӊ арзасына муўапық оған ис ҳақы сақланбаған ҳалда дем алыс берилиўи мүмкин, оныӊ даўамлылығы хызметкер ҳәм жумыс бериўши ортасындағы келисимге көре белгилениўи, бирақ ол он еки айлық дәўир ишинде жәми үш айдан артық болмаўы керек” екенлиги белгиленген.
Усыған қарамастан МШБШ тәрепинен 01.05.2020-жылғы 112-санлы буйрықты шығарыў дәўиринде пуқара З.Пныӊ арзасы алынбаған, сондай-ақ, буйрыққа тийкар пулсыз мийнет дем алысы қанша ўақыт даўам етиўи ҳәм қайсы ўақытта тамамланыўы белгиленбестен Мийнет кодексиниӊ 150-статьясында белгилеп берилген нызам талаплары бузылған.
Усының нәтийжесинде пуқара З.Пныӊ май айында төлениўи керек болған 367.697 (үш жүз алпыс  жети мыӊ алты жүз тоқсан жети) сум айлық ис ҳақысы төленбей қалған.
Үйрениў жуўмағы бойынша Тахтакөпир районы әдиллик бөлими тәрепинен пуқара З.Пныӊ май айында төлениўи керек болған 367.697 (үш жүз алпыс  жети мыӊ алты жүз тоқсан жети) сум айлық ис ҳақысын қайта есаплап төлеп бериў шараларын көриў бойынша МШБШине “Усыныс” киргизилди ҳәм мийнет нызамшылығы талапларын бузғанлығы ушын МШБШ басшысыныӊ қарсысына Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниӊ 49-статьясына тийкар базалық есаплаў муғдарыныӊ бес есеси муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.


Тахтакөпир районы әдиллик бөлими баслығы        Н.А.Калимбетов