Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

01

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Ержетпеген судланғанлардың ата-анасы менен ушырасыўларында шеклеўлер бийкар етилди

“Өзбекстан Республикасының Жынаят-орынлаў кодексине судланғанлардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызам Президент тәрепинен имзаланды (ЎРҚ-625-сан, 30.06.2020-ж.).

Нызам менен киргизилген өзгерислерге муўапық, атап айтқанда ержетпеген судланғанлардың ата-анасы ямаса олардың орнын басыўшы шахслар менен ушырасыўларда шеклеўлер бийкар етилди.

Судланған ҳаяллардың ержетпеген перзентлери менен ушырасыўлардың өз алдына тәртиби белгиленди.

Атап айтқанда, судланған ҳаялларға ержетпеген балалары менен бир жыл ишинде 4 мәрте мүддети 5 суткаға шекем болған узақ мүддетли ушырасыў, сондай-ақ мәнзил-колонияларда сақланып атырғанларға болса мәкеме аймағынан тысқарыда жасаў имканияты менен узақ мүддетли ушырасыўлар шекленбеген муғдарда бериледи.

Сондай-ақ, судланғанларды жаза өтеўи дәўиринде әдил көрсеткишлер тийкарында хошаметлеў илажларын қоллаў комиссияның жумыс искерлиги ҳәм олардың анық ўазыйпалары белгиленди.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.