Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

22

Әдиллик хабары


258 пуқара Президент Пәрманы менен әпиў етилди
«Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»Президент Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып ислеген жынаяты ушын жазаны орынлаў мәкемелеринде жаза өтеп атырған ҳәм қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен 258 пуқара әпиў етилди.
Әпиў етилген шахслардың 16сы тийкарғы жазадан азат етиледи, 101и  жазаны  өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етиледи, 24ниң еркинен айырыў жазасы жеңиллирек жаза менен алмастырылады. Сондай-ақ, 117 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.
Әпиў етилгенлердиң 7и 60 жастан артқан ер адамлар, 1ин ҳаял, 7ин сырт ел пуқаралары, 164ин қадаған етилген шөлкемлердиң қатнасыўшылары қурайды.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими