Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

30

Терроризм ҳәм диний экстремизм бул дәўир машқаласы


Хақыйқатында, мәмлекетимиз басшысы басшылығында мәмлекетимизде муқәддес динимиз пәклигин сақлаў, ислам мәдениятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан ата-бабаларымыздың илимий мийрасларын үйрениў, кәдемлерин абад етиў барысында кең кѳлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Халық-аралық майданда түрли экстремистик ҳәм террористик шѳлкемлер тәрепинен дүнья ҳалқына қарсы әмелге асырылып атырылған түрли идеялар, ѳзлериниң қатарын толтырыў мақсетинде пуқаралар, әсиресе, жаслар арасында ѳзлериниң идеяларын үгит-нәсият етиўге болған урыныслар жүдә актив алып барылмақта.
Сондай-ақ, бүгин интернет инсанияттың турмыс тәрзи ҳәм ѳмириниң ажыралмас бѳлегине айланған, әсиресе интернеттиң социаллық тармақлары арқалы тек ғана жақсы мақсетте емес, бәлким адамлардың сана-сезимин бузатуғын, терроризм, экстремизм, мәмлекетлердеги тәртипсизликлерди әмелге асырыў менен бирге, пүткил инсанияттың бүгинги күни ҳәм келешегине тосқынлық салыўшы ѳз идеяларын тарқатыў менен искерликлерин жеделлестириўши топарлар, жәмийет раўажланыўына кери тәсир ѳткизиўши қәўип-қәтер болып ҳызмет етпекте.
Айтып ѳтиўимиз керек, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен әне сондай экстремизм идеялары тәсирине алжасып түсип қалған пуқараларды социаллық реабилитация етиў, саламатлы ѳмирге қайтарыўда инсаныйлық, кеширимлилик ҳәм ашық кеўиллилик принциплери қолланылған ҳалда Ѳзбекстанда 16 000нан аслам пуқара яғный экстремистлер қара дизимнен шығарылды.
Сол менен бирге, Ѳзбекстанда улыўма орта мектеплерде “Диншунослик”, “Дүнья динлери тарыйхы” қусаған пәнлерде бир қанша динлер ҳәм олардағы ибадатлар ҳаққында анық мағлыўмат берилиўи, сондай-ақ, усы пәнлерде ҳәр бир шахста инсаныйлық, ўатанпәрўар, ата-анаға ҳүрмет, инсанлар арасында ѳз-ара меҳир-мүриүбет исенимлерин камал таптырыўға хызмет етиўши Қураны кәрим аятлары, ҳадис шариф ҳәм түрли диний мазмундағы рәўятлардан үлгилер келтирилген темалар бир қанша екенлигин айтып ѳтиўимиз керек.
Бул болса Ѳзбекстандағы жаслар санасында руўҳый бослық жүзеге келмеслиги ушын олардың қәлби ҳәм санасында саламат ѳмир тәрзи, миллий ҳәм улыўма миллий қәдриятларға ҳүрмет сезимин балалық ўақтынан баслап қәлиплестириўимиз зәрүрлигинен далалат береди.

Тақыятас районы әдиллик
бѳлими сас мәслаҳатшиси                     
Б.Икметуллаев