Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

Исбилерменлик хызмети ҳуқықый қоллап-қуўатланды


Мәмлекетимизде исбилерменлик субъектлери ушын жаңа имкәният ҳәм қолай жағдайлар жаратылыўы, сондай-ақ, олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери қорғалыўы салмақлы әҳмийетке ийе. Хожели районы әдиллик бөлимине пуқара Г.Х.Сапарниязова “Колледж директоры аукцион баянламасы нәтийжесине көре шәртнама дүзиўден бас тартып атырғанлығы ҳаққында” мүрәжат етти.
Мүрәжатты үйренип шығыў барысында “Электронлы онлайн-аукционларды шөлкемлестириў орайы” Мәмлекетлик унитар кәрханасының “Объектлерди ижәраға бериў бойынша электронлы онлайн-аукционы нәтийжелери ҳаққындағы Баянлама”сы тийкарында жеке исбилермен Г.Х.Сапарниязова аукцион жеңимпазы деп табылғанлығы, ижәраға берилип атырған мәмлекетлик мүлк объектин электрон онлайн-аукционға қойыў ушын Хожели районы байланыс кәсип-өнер колледжиниң хаты тийкар болғанлығы ҳәмде колледж буфети аукцион объекти сыпатында белгиленгенлиги анықланды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 16-июндағы 454-санлы қарары менен тастыйықланған “Мәмлекетлик мүлк объектлерин сатыў ҳәм мәмлекетлик мүлкти ижәраға бериў бойынша электрон саўдалар өткериў тәртиби ҳаққында Реже” талапларына муўапық саўдалар өткерилгеннен кейин 20 күннен кешикпей электрон саўдалардың баянламасы тийкарында сатыўшы, баланста сақлаўшы ҳәм (аукцион, таңлаў) саўдалардың жеңимпазы арасында мәмлекетлик мүлк объектиниң алды-сатты (ижәра) шәртнамасы дүзилетуғынлығы ҳәм саўдалардың нәтийжелери ҳаққындағы электрон баянлама аукцион яки таңлаўдың нәтийжелерин ҳәмде жеңимпаздың ҳәм сатыўшының (ижәраға бериўшиниң) мәмлекетлик мүлк объекти жүзесинен сатыў (ижәра) баҳасы бойынша яки инвестициялық ҳәм социаллық мәжбүриятлар орынланыўы шәрти менен алды-сатты (ижәра) шәртнамасын дүзиў мәжбүриятларын белгилеўши ҳүжжет болып есапланатуғынлығы белгилеп берилген.
Бирақта, бул талапларға қарамастан Хожели районы байланыс кәсип-өнер колледжи директоры ижәра шәртнамасын дүзиўден бас тартып атырғанлығы анықланды.
Анықланған жағдай бойынша нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы мүмкин емеслиги ҳаққында Хожели районы байланыс кәсип-өнер колледжине ескертиў киритилди ҳәм нызамшылықта белгиленген 20 күннен кешикпей ижәра шәртнамасы дүзилди.

Хожели районы әдиллик бөлими
бас мәсләҳәтшиси А.С.Алламуратов