Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Той өткериў тәртибин бузғалығы ушын жәрийма муғдары белгиленди


«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам (ЎРҚ-612-сан, 17.03.2020-ж.) Президент тәрепинен имзаланды.
Нызам менен бир қатар нызамлар ҳәм кодекслерге тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Атап айтқанда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс (https://www.lex.uz/acts/97664) тойлар, шаңарақлық мәресимлер, мереке ҳәм мәресимлер өткериў тәртибине байланыслы талапларға бойсынбағанлығы ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы статья менен толтырылды.
Оған көре, тойлар, шаңарақлық мәресимлер, мереке ҳәм мәресимлер өткериўши шахс тәрепинен усы илажларды өткериў тәртибине байланыслы талапларға бойсынбаў пуқараларға БЕМның 10 есеси (2 млн 230 мың сум) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.
Сондай-ақ, тойханалар, кафе ҳәм ресторанлардың лаўазымлы шахсы тәрепинен тойлар, шаңарақлық мәресимлер, мереке ҳәм мәресимлерды өткериў тәртибине байланыслы талапларға бойсынбаў БЕМның 30 есеси (6 млн 690 мың сум) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.  
Тойхана, кафе ҳәм ресторанлар ийеси тәрепинен усы ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза қолланылғанан кейин 1 жыл даўамында қайта исленген болса, БЕМның 50 есеси (11 млн 150 мың сум) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.
Бул тәртип Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен кейин әмелге киргизиледи.


Нөкис қаласы әдиллик бөлими аға мәсләҳатшисы Зебо Базарбаева