Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Нотариал округде шекленбеген муғдарда жеке нотариуслар шөлкемлестирилиўи мүмкин


Қарар менен нотариал округдеги нотариуслар лаўазымларының ең кем санын белгилеў тәртиби ҳақкында реже тастыйықланды.
Оған көре, нотариал округде жеке нотариуслар саны тийисли округде нотариуслар лаўазымларының белгиленген ең кем санынан кем болмаған жағдайда мәмлекет нотариусы лаўазымы шөлкемлестириледи.
Нотариал округде нотариуслар лаўазымларының ең кем саны Әдиллик министрлиги тәрепинен белгиленеди.
Нотариал округде жеке нотариуслар саны шекленбеген муғдарда шөлкемлестирилиўи мүмкин.
- Ҳәр бир нотариал округде кеминде бир нотариус искерлик жүритиўи шәрт. Нотариуслар лаўазымларының ең кем санын белгилеўде төмендеги өлшемлер есапқа алынады:
- нотариал округ нотариуслары тәрепинен 3 жылда әмелге асырылған нотариал ҳарекетлердиң орташа айлық саны (бир нотариусқа 300-100 нотариал ҳәрекет);
- нотариал округдеги халық саны:
-  Ташкент, Нөкис қалалары ҳәм ўәлаят орайлары шегараларында белгиленген нотариал округлерде-10 мыңнан көп болмаған халыққа бир нотариус;
-  ўәлаятқа бойсыныўшы қалалар шегараларында белгиленген нотариал округдлерде-25мыңнан кем болмаған халыққа бир нотариус;
-  аўыл районлары шегараларында белгиленген нотариал округлерде-30 мыңнан кем болмаған халыққа бир нотариус.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими А.Отарбаев