Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

Әдиллик министрлиги тәрепинен көшпели кабыллаў өткерилди


Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Хожели районында нәўбеттеги көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.
Көшпели қабыллаўда райондағы Саманкөл, Қумжуққын, Ғәрезсизлик аўыл пуқаралар жыйыны пуқараларының 80 нен аслам мүрәжатлери тыңланды.
Мүрәжатлердиң басым көпшилиги жер ажыратыў, ишимлик суўы, жумыс пенен тәмийинлениў мәселелери бойынша келип түсти.
Көшпели қабыллаў даўамында бир қанша машқалалар өз орнында шешилди. Атап өтетуғын болсақ, Қумжуққын аўыл пуқаралар жыйыны турғыны пуқара З.Оралбаеваның социаллық напақа ажыратыў бойынша билдирген мүрәжаты нызамлы түрде өз орнында көрип шығылды ҳәм машқала шешилди.
Қабыллаўда келип түскен барлық мүрәжатлер белгиленген тәртипте көрип шығылыўы ушын тийисли ис-илажлар белгиленди ҳәм орынланыўы қадағалаўға алынды.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шахсларғада қайырқомлық илажлары әмелге асырылды.